Түркий дүньяның тулғалы тили (Нөкис МПИ ректоры Байрам Отемуратов пенен сәўбет)
Президентимиз басламасы менен ендигиден былай 21-октябрь «Өзбек тили байрамы» күни сыпатында кең белгилене баслағаны ҳәр бир ўатанласымыз кеўлинде миллий мақтаныш сезимлерин еле де кең ҳәўиж алдырған еди. Биз сәне мүнәсибети менен Әжинияз атындағы НМПИ ректоры Байрам Отемуратов пенен сәўбетте болдық.
-Ҳәзирги ўақытта институтта өзбек тилин оқытыў ҳәм профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў бойынша қандай илажлар әмелге асырылмақта?
– Институтта бүгинги күнде мәмлекетлик тилимиз есапланған өзбек тилине деген итибар күшли. Өзбек тилин оқытыў бағдарында Түркий тиллер факультети қурамындағы Өзбек тили ҳәм де Өзбек әдебияты кафедраларының тәжирийбели профессор-оқытыўшылары тәрепинен кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Сондай-ақ, өткен оқыў жылынан баслап Елликқала районында Педагогика факультетиниң шөлкемлестирилиўи менен қоңсылас ўәлаятлар ҳәм алыс районларда жасаўшы студент-жасларымыздың тыянақлы билим алыныўына кең имканиятлар жаратылды.
Өзбек тилин оқытыўшы педагог-кадрлардың қәнигелигин арттырыў бойынша институтымыз Өзбекстан Республикасындағы белгили жоқары оқыў орынларынан тысқары Россия, Түркия, Қазақстан мәмлекетлериниң ири университетлери менен бирге ислесиўди де жолға қойған. Профессор-оқытыўшыларымыз да мудамы өз үстинде излениўде. Жақында ғана Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен бирге өткерилген «Өзбек тилин оқытыўдың ең жақсы методикасы» таңлаўында Өзбек тили кафедрасы оқытыўшысы, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Шаҳло Юлдашева сыйлы 1-орынды алды.
-Студентлердиң өзбек тилин ҳәм өзбек әдебиятын үйрениўге деген қызығыўшылығы қай дәрежеде?
-Әлбетте, институтымызда ҳәр тәреплеме талантлы, қәбилетли студентлеримиз көпшиликти қурайды. Олардың өзбек тили ҳәм әдебиятын үйрениўге деген интасы, қызығыўшылығы жоқары дәрежеде деп айта аламыз. Буның айқын мысалы ретинде институтымыздың Түркий тиллер факультети Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелиги 3-курс студенти Бийбижамал Жәдигерованың табысын келтирсек болады. Ол кеше ғана «Өзбек тили байрамы» күни мүнәсибети менен өткерилген халықаралық «Қәдириң бәлент болсын, Ана тилим» таңлаўында сыйлы үшинши орынды ийеледи. Бундай жасларымыз саны көпшиликти қурайды. Мәлекетимизде өзбек тили де қарақалпақ тили менен теңдей мәмлекетлик тил есапланғаны себепли, ертеңги болажақ педагог-кадрлар мәмлекетлик тилде ис жүргизиў қағыйдаларын да терең меңгерип барса, келешекте өз кәсибиниң маманы болыўына унамлы тәсирин тийгизери сөзсиз.
-Байрамды институт көлеминде карантин талапларынан келип шығып белгилеў бойынша нелер исленбекте?
-Өзбек тили күни байрамын көтериңки руўхта белгилеў бойынша институт ис режеси ислеп шығылып тастыйықланды. Усы реже тийкарында ҳәзирги күндеги карантин талапларын инабатқа алған ҳалда институтта халықаралық илимий-әмелий конференция, ҳәр қыйлы таңлаўлар өткерилиўи режелестирилген. Соны да атап өтиў керек, бундай ис-илажлар институтымыз көлеминде тек ғана байрам қарсаңында емес, улыўма жыл бойы даўам ете береди.
-Байрам қутлықлаўларыңыз.
– Байрам мүнәсибети менен гүллан халқымызды өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн, яғный Өзбек тили байрамы күни менен институт жәмәәти атынан қызғын қутлықлайман. Уллы сөз зергери И.Юсупов жазғанындай:
Наўайы даңқ берген, Бабур жырлаған,
Машраб ғәззел питкен бул тил бар болсын!
Бул тил ушын Қәдирийди қорлаған,
Наймытлар ақыретте қору-зар болсын.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми минберинен турып жаңлаған бул түркий дүньяның тулғалы тили еле де кең дүньяға қушағын ашып, пәрўазы бәлентлей бергей! Бүгинги пүткил адамзатқа шаң салып атырған пандемия тезирек жоғалып, байрамды кең көлемде көтериңки түсте белигилеў несип еткей!
-Мазмунлы саўбетиңиз ушын рахмет!
Сәўбетлескен: Аллаяр Дарменов,
НМПИ магистранты.