ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты алдаўшылардан абайлы болыўға шақырады!

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты материаллық пайда есесине өзлери институтта ислемесе де «оқыўға киргизип беремен, институтта ислейтуғын танысларым бар» деп, халықтың исенимине кирип, алдап жүрген адамлардан аўлақ болыўға, олардың жалған, пуш ўәделерине исенип қалмаўға шақырады.

 

Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен прокуратура ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети менен биргеликте пуқаралардың исенимине кирип, таныслары арқалы институттың Елликқала педагогика факультети мектепке шекемги билимлендириў бағдарына 2 500 АҚШ доллары есесине оқыўға киргизип бериўди ўәде етип, соның 1 500 АҚШ долларын алып атырған пуқара С.М.ны услады.

 

Бул пуқара өзи институтта жумыс ислемесе де, институттың атынан нызамға қайшы жумыс ислеп, ақыр-ақыбетинде бүгингидей жағдайға түсип отыр.

 

Ҳүрметли пуқаралар! Биз Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына оқыўға кириў тек ғана тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде болып өтетуғынлығын, басқа ҳәр қандай коррупциялық усыллар нызамға қайшы ҳәрекет есапланатуғынлығын және бир мәрте еслетип өтемиз. Институт атынан нызамға қайшы түрде жумыс ислеп жүрген алдаўшылардан абайлы болыўға шақырып қаламыз!

 

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты баспасөз хызмети.