Физика-математика факультетинде студентлер арасында өткерилген бир неше жарыс ҳәм таңлаўлар жуўмақланды. Жеңимпазлар анықланды

Физика-математика факультетинде өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен студентлер арасында «Тил – миллеттиң айнасы» сүрени тийкарында шығармалар таңлаўы, сондай-ақ,  студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде мини футболдан жарыс ҳәм «Мениң аўылым» атамасында фотороликлер таңлаўы өткерилген еди.

 

Таңлаў өз жуўмағына жетип, жеңимпазлар анықланды.

 

Атап айтқанда, шығармалар таңлаўында «Ең көп шығарма жазған топар» номинациясын математика-информатика бағдарының 1-б топары студентлери жеңип алды. Таңлаўда қарақалпак ҳәм өзбек тиллеринде жазылған шығармалар өз алдына баҳаланып, ҳәр бири бойынша сыйлы орын ийелери анықланып, естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Мини футбол бойынша өткерилген жарысларда 1-орынды физика-астрономия бағдарының 1-в курс, 2-орынды математика-информатика бағдарының 1-б курс, 3-орынды математика-информатика бағдарының 1-ж курс студентлери жеңип алды.

 

Сондай-ақ, фотороликлер таңлаўында математика-информатика бағдарының 1-б курс топары «Ең көп фоторолик ислеген топар» номинациясы жеңимпазы болды.

 

Фотороликлер таңлаўы бойынша 1-, 2- ҳәм 3-орын ийелери анықланып, факультет деканаты тәрепинен естелик саўғалары менен сыйлықланды.