ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мойнақта кириў имтиханларынан «жығылған» абитуриентлер менен сектор басшыларының ушырасыўлары болып өтеди

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына болған хызмет сапары даўамында ҳәм Жоқарғы Кеңестиң гезексиз сегизинши сессиясында экологиялық жағдайы қыйын аймақларда инвестициялық бағдарлама шеңберинде шөлкемлестирилетуғын жумыс орынларын есапқа алған ҳалда 2020-2021-оқыў жылынан жоқары оқыў орынларының кириў имтиханларында топлаў мүмкин болған максимал баллдың 30 процентинен жоқары балл топлаған Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларында турақлы жасаўшы абитуриентлерге Қарақалпақстан Республикасындағы медициналық тараўлардан басқа тараўлар бойынша жоқары оқыў орынларына улыўмалық квоталардан тысқары оқыў қәрежетлерин толық қаплайтуғын муғдардағы төлемли шәртнама тийкарында, кейин ала усы аймақларда 5 жыл ислеп бериў шәрти менен оқыўға қабыл етиў илажларын көриў бойынша тапсырма берилген еди.

 

Бул бойынша көрсетилген районларда сектор басшылары тәрепинен жоқары оқыў орынларының кириў имтиханларында топлаў мүмкин болған максимал баллдың 30 процентинен жоқары балл топлаған, бирақ оқыўға усыныс етилмеген абитуриентлер және олардың ата-аналары менен сәўбетлесиў өткериў тапсырмасы берилген еди.

 

«New Muynak City» каналының хабар бериўинше, усы тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мойнақ районында 4 сектор басшылары ҳәм жоқары оқыў орынлары ўәкиллериниң қатнасыўында жоқарыдағы айтылған критерияларға жуўап беретуғын (топлаў мүмкин болған максимал баллдың 30 процентинен жоқары балл топлаған ҳәм Мойнақ районында 5 жыл ислеп бериўге таяр) және төлемли контракт тийкарында оқыўды қәлеўши абитуриентлер менен 2020-жылдың 13-ноябрь күни төмендеги кесте бойынша ушырасыўлар болып өтеди:

 

1) Саат 10:00 де райондағы Мәденият сарайында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына ҳүжжет тапсырған абитуриентлер ушын;

 

2) Саат 12:00 де райондағы Мәденият сарайында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы, Самарқанд ветеринариялық медицина институтының Нөкис филиалы, Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы, Өзбекстан көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы, Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы, Өзбекстан денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалларына ҳүжжет тапсырған абитуриентлер ушын.

 

Қосымша сораўлар ушын телефон: +99861 322-23-05.

 

Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларындағы усы категориядағы абитуриентлер менен ушырасыўлар қашан болып өтетуғынлығы ҳаққында мағлыўмат берилиўи менен сайтымыз арқалы жәриялаймыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.