ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Рәсмий: Қарақалпақстанның 3 районының «жығылған» абитуриентлери Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларына қабылланады

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 7-санлы протоколы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасының экологиялық жағдайы қурамалы аймақларында инвестициялық бағдарламалар шеңберинде шөлкемлестирилип атырған жумыс орынларын есапқа алған ҳалда, 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўында жоқары оқыў орынларының кириў сынақларында топлаў мүмкин болған максимал баллдың 30 проценти ҳәм оннан жоқары балл топлаған Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларында турақлы жасайтуғын абитуриентлер Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына («Денсаўлықты сақлаў» билимлендириў тараўы буған кирмейди) улыўмалық қабыллаў параметрлеринен тысқары оқыў қәрежетлерин толық қаплайтуғын муғдардағы төлемли контракт тийкарында, кейин ала усы аймақларда 5 жыл жумыс ислеп бериў шәрти менен оқыўға қабылланады.

 

Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында және Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында ҳәм кеңейтилген тәризде өткерилген 73-санлы мәжилис протоколы қарарында ўазыйпалар және тапсырмалар белгиленген еди.

 

Қарар тийкарында Мәмлекетлик тест орайы бир күн мүддетте:

 

— Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларында турақлы жасап атырған (турақлы пропискада болған), республикалық жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларын («Денсаўлықты сақлаў» билимлендириў тараўы буған кирмейди) дизимнен өтиў ўақтында сайлап, тест сынақлары нәтийжелерине муўапық студентликке усыныс етилмеген, бирақ топлаған баллары 56,7 балл ҳәм оннан жоқары болған абитуриентлер дизимин топланған баллар избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда қәлиплестиреди;

 

Еки күн мүддетте:

 

— тийисли бакалавриат билимлендириў бағдарлары кесиминде тест сынақлары нәтийжелери бетлерин қағазға шығарған ҳалда белгиленген тәртипте рәсмийлестириў ушын Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларына жеткереди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.