ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жол көрсеткен жулдызым еди…

13-ноябрь – академик Жуманазар Базарбаев дүньяға келген күн

Өмир сырлы жумбақларға толы, бир жери ойлы, бир жери бәлент, базда таслақлы, базда тикенекли гедир-будыр жолға уқсайды. Бул жолда инсан сүрнигип жығылыўы, я болмаса адасып өзиниң гөзлеген мәнзилин таба алмай қыйналып қалыўы ҳеш гәп емес. Мине, усындайда адамға өмирдиң сырлы жумбақларын шешиўге, оның тегис емес жолларында сүринбей жүриўди үйрететуғын ҳәм анық мәнзилге жетип алыў ушын жол көрсетиўши жулдызға, яғный ғамхор устазға болған мүтәжлик сезиледи. Сонлықтан, халық устазларды әзелден «Устаз атаңдай уллы» деп ҳүрметлеп, «Әке инсанды аспаннан жерге түсирсе, ал устазлар инсанларды жерден көкке көтереди» деп есаплап, устазға ҳәм муғаллимге айырықша көз бенен қарайды. Илим пидайысы, ўатансүйгиш ҳәм халықшыл инсан, академик Жуманазар аға Базарбаев мине, биз тәрийплеген усындай ғамхор ҳәм жанкүйер устазлардан бири еди. Жуманазар ағаның илимде ҳәм билимлендириў тараўында шәкиртлери оғада көп. Мен әдиўли устаздың мыңнан бир, бирақ ең жақсы көретуғын шәкиртлериниң бири едим десем, асыра айтқан болмайман.

 

Мен академик Ж.Базарбаевты Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқып жүрген студентлик дәўиримнен баслап (2005-2009-жыллар) өткир қәлем ийеси, көреген, дана философ, филолог ҳәм тарийхшы-этнограф алым сыпатында таный баслағанман. Себеби, Жуманазар ағаның ғалаба хабар қуралларында жәрияланған мақалалары ҳәм телевидениеде қызықлы мәселелер бойынша шығып сөйлеўлери ҳәр бир инсанды ерксиз түрде өзине тартып турар еди. Сонлықтан, мен оқып жүрген гезлеримде академикке шәкирт болыўды ҳәм де келешекте философ болыўды әрман етер едим.       2009-жылы оқыўымды табыслы тамамлап, сол жылдың өзинде Өзбекстан мәмлекетлик университетиниң философия факультетине «Миллий идеяның философиялық мәселелери» қәнигелиги бойынша магистратуға оқыўға қабыл етилдим.

 

2011-жылы магистратураны табыслы тамамлап, өзим оқыған университетке жумыс сорап бардым. Бирақ та ол жердеги басшылар маған ҳәзирги ўақытта жумыс жоқ екенлигин билдирди. Сыртқа шығып, енди қайжерден жумыс излесем екен?-деп ойға шүмип турғанымда есиме бирден Жуманазар аға түсти. Сонда магистр дипломымды қушақлап туўры Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасына жол алдым. Ишке кирип қарасам, есигиниң сыртына «академик Жуманазар Базарбаев» деп жазып қойған екен. Есикти әсте қағып ашқанымда, сол мен студентлик дәўиримде бир рет болса да ушырасыўды әрман етип жүрген академик Ж.Базарбаевты ушыраттым. Есикти ашарымды ашып болып албырағанымнан есикти я жабарымды, я ишке жүрексинип киреримди билмей қалдым. Сонда ири даўысы менен «Кир, балам, не жумыс еди?» деп мени ишке кириўге мирәт етти. Сонда мен оған «Кафедраңызда жумыс орны бар ма, лаборант болып ислеўге де қайылман»-дедим. –Ҳаў, балам, сен өзи қайжерди тамамладың, қәнигелигиң қандай?-деп сорап қалды. Мен өзимниң Өзбекстан мәмлекетлик университети философия факультети «Миллий идеяның философиялық мәселелери» қәнигелигин тамамлағанымды айтып, дипломымды көрсеттим. Усы ўақытта Жуманазар аға дипломымды көриўден «Сен ҳақыйқый бизиң кафедраның ағзасы екенсенғо»-деп мени үлкен қуўанышқа бөлеп таслады ҳәм устазымның қоллап-қуўатлаўы менен мен институттың Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасына жумысқа кирдим.

 

Жумысымның дәслепки күнлеринен баслап устазымның сабақ өтиў әдислерин, дүнья, жәмийет ҳаққында кең түрде пикирлеўлерин үйрениўди өз алдыма мақсет етип қойдым. Арадан 1-2 жыл өтип, устазға шәкирт болып, оның семинар сабақларын алып бардым. Жуманазар ағаның кафедра баслығы ўақтында да өзи сабақ өтиўи, ҳеш бир сабағын үзилиске түсирмеўи, ўақыт таўып ҳәр бир оқытыўшының ашық сабақларына жеке өзи кирип муғаллимлердиң сабақларын бақлап барыўы, оларды еринбей талқылаўы, муғаллимлерге жетискенлигин айтып мақтап, кемшиликлерин көрсетип жол-жоба бериўлери, булардың барлығы устазымыздың басқаларға уқсамайтуғын өзине тән айырмашылықларының бири еди.

 

Жоқары оқыў орнына жумысқа киргеннен кейин педагог-хызметкерден илим менен шуғылланыў, белгили бир тема алып оны илимий басшының жол-жобасы менен изертлеў талап етиледи.

 

Усындай күнлердиң биринде устазым мени кабинетине шақырып алды ҳәм «балам, екеўимиз бир теманың үстинде изленейик, саған бир теманы қолайлап жүрмен. Сени шәкирт етип алайын, сен де илим кандидаты, илим докторы болыўың керек»-деп маған устазлық ете баслады ҳәм де өзиниң Өзбекстан мәмлекетлик университети ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши илимий кеңеслерге ағза болғанлығын айтып, енди бизлердиң де сол жерлерде илимий жумысларымызды қорғап шығыўымыз кереклигин еслетип, мени Ташкент ҳәм Самарқанд қаласындағы Илимий кеңеслерге алып кетип жүрди. Барған жеринде мени «академиктиң шәкирти» деп таныстырған ўақытта төбем көкке жеткендей жүрегим ҳалласлап қуўанар едим. Илим жолы машақатлы, ийне менен қудық қазғандай екенлигин сонда аңлап жеткендей болдым. Себеби, бизлер устаз бенен 2018-жылдан баслап Ташкент ҳәм Самарқанд қаласындағы илимий кеңеслерге бирге поездда қатнай басладық. Жолдағы қыйыншылықларды көз-көз етип ҳеш қашан қыйналдым деп айтпас еди. Бул Жуманазар ағаның илимге ғамхорлығы, шәкиртлерине болған шексиз меҳир-муҳаббаты еди. Ҳақыйқатында да, 87 жасында өзиниң қартайғанына қарамай илим жолында шәкиртлерин изине ертип, олар ушын ден саўлығының болмай жүргенин де писент етпей аянбай хызмет етип кетти. Нәтийжеде устазымыздың Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларындағы илимий кеңеслерге ағза болып ҳәм ол жердеги илимпаз устазлар менен бизлерди таныстырып кеткени, бүгинги күнде биз сыяқлы қаншадан-қанша шәкиртлери ушын үлкен илим есигин ашып кеткенлигин көрсетеди.

 

Жуманазар аға өмириниң соңғы демлерине шекем илимнен қол үзбеди. Энцеклопедист алым сыпатында илимниң дерлик барлық тараўлары бойынша илимий мақалалар жазып, кең жәмийетшиликке терең ой салып, Қарақалпақстандағы илимниң келешектеги ислери ушын соқпақ салып кетти. Сонлықтан, оның даңқлы жолы көзи тирисинде-ақ шайырлар тәрепинен қосықларға, дәстанларға айланды. Мәселен, устаздың ең жақсы көрген шәкиртлериниң бири, бүгинги күнде Министрлер Кеңеси Баслығының кеңесгөйи болып ислеп атырған, филология илимлери бойынша философия докторы, халқымызға белгили шайыр Пердеғалий Дабыловтың устаздың 80 жыллық юбилейине арнап дөреткен «Миллетимниң тымсалысыз, устазым!» атлы қосығынан мына қатарларды оқығым келеди:

 

Төрелиги қылды қырық жарғандай,

Шәкиртлериң өзиңизге уқсасын.

Ислериңиз журтлар ҳайран қалғандай,

Булақ көзин қайта ашқан устазым!

 

Байтерексиз тамыр урған тереңге,

Ел бахтына жарасықлы гүлтажым.

Сизди деймиз «Қарақалпақ» дегенде,

Миллетимниң тымсалысыз, устазым!

 

Ўақыт деген адамды өзиниң ең жақын болған таўдай сүйенишке айланған қәдирли инсанларынан айырып, бизди олардан кем-кем узақластырып кете береди. Бирақ таўлар узақласқан сайын анық көринеди. Сол айтқандай, әдиўли устаз, жанкүйер илим пидайысы, көрнекли ҳәм өрнекли алым Жуманазар аға Базарбаевтың да қалдырып кеткен мийнетлери келешек әўладлар ушын жол көрсетиўши жулдыз, мәңги тозбайтуғын қызықлы сабақлық яңлы өлмес мийрас сыпатында жасай береди.

 

Шәкирти:  Ж.Усенов