ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Балағында бийти бар бала екенсең…»

13-ноябрь – академик Жуманазар Базарбаев дүньяға келген күн

Усы жылы жаз айлары еди. Устазымыз Еркин аға Тилеўов қоңыраў етти. Сени ата сорап атыр,-деди де телефон номер айта баслады. Академикке сым қақтым. Сәлем-әликтен соң өзимди таныстырсам «Ҳее, сен сол Аллиярсаң ба, балағында бийти бар бала екенсең» деди.

 

Соң мениң бул гәптиң мазмунына түсинбегенимди билди ме «Қарақалпақта келешегинен үмит күттиретуғын, дойнағында бар балларды усылай атайды деди. Устаз бизиң жақында ғана жазылып, социаллық тармақларда тараған «Қарыздар тарийхшыларымызға арызнама» атлы қосығымды  оқып тәсирленген екен, рахметин айтты.

 

Буннан соң үйдегилер менен кеңесип, кишигирим базарлық ислеп, устазға сәлем берейин деп үйине бардым. Ол сырттағы ҳәўлиде отырып, бир нәрселерди жазып атыр еди. «Өткенде телефонда сөйлескен баламан» деп өзимди таныттым. Өзим де қосық жазып атырғанда келген қонақты онша хошлай бермеймен. Сол ушын устаздың қолын иркип көп отыра бериўди мақул көрмедим. Устаздың ҳақ жол тилеп шын кеўилден берген пәтиясын алып үйге қайттым. Арадан бир неше күн өткеннен соң устаздың дүньядан өткенлиги ҳаққындағы суўық хабар тарады…

 

«Әжинияздың қосықларын бәрин бастан үйренип шығыў керек. Мысалы, оның топламындағы «Мәдаўар» деген қосықты алайық. Қосық мазмуны бузықшылық пенен шуғылланыўшы бир әйел ҳаққында. «Бул дүньяның көрки адам баласы» деп дабыл қаққан уллы философ шайыр қайдағы бир ғар ҳаял туўралы жигирма куплетлеп қосық жазып отырғанына исениў қыйын. Сол ушын арнаўлы қәнигелер бул мәселени қолға алыўы керек», деген еди ол Әжинияз шайырдың бир жылғы мерекесинде. Бирақ та Ә.Пахратдинов, И.Юсупов, Ж.Базарбаев сыяқлы зәбердес тулғалардан соң Әжиниязды, оның қосық жазыў стилин нықлап парықлай алатуғын азаматлар онша қалмаған сыяқлы.

 

«Бизиң ата-бабаларымыз совет заманы сабақлықларында жазылғанындай жүдә жарлы, кәмбағал болмаған. Асқар бай, Шынықул бай, Қүлен болыс…-булар нағыз карақалпақ халқының жақын өтмишиндеги қолы ашық, сақый байлары. Орынборға кемели барып, халыққа ақ қапшықта ун тарқатқан байлар ески дүзим дәўиринде жамай жаўы, феодал деп үйретилди…» Ол жазыўшы К.Кәримовтың «Ақ қапшық» романына усылай жоқары баҳа берген еди.

 

Мен Жуманазар Базарбаевты жыйналысларда, ушырасыўларда көп көрген болсам да, өмириниң соңғы күнлеринде бир ирет ғана жүзбе-жүз көрисиў, сөйлесиў бахты, несип етти.

 

Устаздың ақырети абат болғай!

 

Аллаяр Дарменов,

НМПИ магистранты.