ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Академик Жуманазар Базарбаевтың 87 жыллығына бағышланған «Еслеў кешеси»

2020-жыл 13-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Ɵзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, философия илимлери докторы, профессор, академик Жуманазар Базарбаевтың 87 жыллығына бағышланған еслеў кешеси болып өтти.

Еслеў кешеси Тарийх факультети жәмәәтиниң басламасы ҳәм институт ректоры Байрам Пердебаевич Отемуратовтың қоллап-қуўатлаўы тийкарында шөлкемлестирилди.

Еслеў кешеси төрт бөлимнен ибарат болып, академик Жуманазар Базарбаев жерленген Нөкис қаласындағы «Шорша баба» қойымшығында илимпаздың қәбирин зыяратлап, гүл шеңберлер қойыўдан басланды. Бул илажға институт ректорының басшылығында проректорлар, барлық факультет деканлары, бөлим баслықлары, илимпаз бенен бирге ислескен жасыүлкен кәсиплеслери, шаңарақ ағзалары ҳәм ағайин-туўысқанлары қатнасты.

Буннаң соң, кешениң екинши бөлими болған академик Жуманазар Базарбаевтың атын мәңгилестириў, оның өмир ҳәм мийнет жолын келешек әўладқа үлги етип көрсетиў мақсетинде институттың Тарийх факультети имаратында илимпаздың атына шөлкемлестирилген музейдиң ашылыў мәресими болып өтти.

Музей илимпаздың жумыс бөлмесинде шөлкемлестирилген болып, музейде илимпаздың жаслық дәўиринен баслап басып өткен өмир жолын сәўлелендириўши фотобаннерлер, илимпаздың қәлемине тийисли дөретпелер, жумыс дәўиринде қолға киргизген мәмлекетлик сыйлықлары, көкирек нышанлары, дипломлар, ҳүрмет жарлықлары, фотоальбомлары ҳәм илимпаз ҳаққында дөретилген видеоролик орын алған. Экспонатлардан айрықша көзге тасланып турғаны, илимпаздың жумыс столы болып, ол жерде костюмы, қол таяғы, папкасы, ҳәттеки, көз әйнеги тап жумыс пайытындағыдай етип жайластырылған.

Музейде болған шаңарақ ағзалары, туўған-туўысқанлары атасын еслеп көзлерине жас алған болса, бирге ислескен кәсиплеслери илимпаздың өмир жолына бир нәзер салып еске алысты.

Илаж соңында институт ректоры, бирге ислескен кәсиплеслери, шаңарақ ағзалары музейге қойылған «Еслеў китабы»на өзлериниң жыллы сөзлерин жазып қалдырды.

Буннан соң кеше қатнасыўшылары институт бас бинасында илимпаздың еслеў кешесине арнап шөлкемлестирилген оның өмири ҳәм илмий дөретиўшилиги менен байланыслы дөретпелер, сүўретлер ҳәм ҳүжжетлердиң көргизбеси менен танысты.

Кешениң жуўмақлаўшы бөлими сыпатында институттың мәжилислер залында академик Жуманазар Базарбаевтың 87 жыллығына бағышланған илимий конференция болып өтти.

Конференцияны институттың Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Қуўандық Қадыров ашты ҳәм алып барды. Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының мәслаҳатшиси, илимпаздың шәкирти П.Дабылов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алауатдиновлар қутлықлаў сөзи сөйледи.

Конференция мийманлары сыпатында қатнасқан Ɵзбекстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығының биринши орынбасары М.Қуранов, Самарқанд мәмлекетлик университети профессоры Ж.Яхшиликов видеоконференция арқалы өз баянатлары менен шығып сөйледи.

Буннан соң, академик пенен бирге ислескен илимпазлар Каримбай Қурамбаев, Қутлымурат Қощанов, Кеңесбай Алламбергенов, Арзы Пазыловлар ҳәм алымның жас шәкирти, докторант Парахат Жолдасбаевлар академик алымның өмир жолы, илимий дөретиўшилиги ҳаққында  кең түрде баянат жасады.

Конференция соңында кәсиплеси Б.Пренов, илимпаздың шәкирти Ж.Усенов ҳәм Тарийх факультети деканы М.Сарыбаевлар сөзге шығып, өзиниң пидайы мийнети ҳәм адамгершилиги менен пүткил елимизде үлкен абырай арттырған ақсақал Жуманазар Базарбаевқа деген халықтың ҳүрмети жүдә жоқары екенлигин, бундай инсанларға иззет көрсетиў бәрқулла институт жәмәәти итибарында турып, олардың атларын мәңгилестириў бойынша бир қатар жумыслардың исленип атырғанлығын айтып өтти.

Соның менен бирге Тарийх факультети деканы М.Сарыбаев бул кешени өткериўде жақыннан қоллап-қуўатлағаны ушын институт ректоры Б.Отемуратовқа, шөлкемлестириўде белсене қатнасқан факультет жәмәәтине миннетдаршылық билдирди.

Конференция жуўмағында академик Жуманазар Базарбаевтың пүткил өмири даўамында илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыўға, жасларымыздың ҳәр тәреплеме кәмил инсанлар болып қәлиплесиўине, елимиз абырайының еле де артыўына қосқан салмақлы үлеслерин тек ғана бүгинги әўладқа емес, ал келешек әўладларға да үлги сыпатында көрсетиўге қаратылған конференция қарарлары қабыл етилди.