ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымызда математика бойынша халықаралық конференция басланды

Бүгин, 26-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Бир ҳәм көп комплексли өзгериўшили функциялар теориясы» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция басланды.

Россия Илимлер Академиясы В.А.Стеклов атындағы Математика институты, Сибирь федераль университети ҳәм Өзбекстан Миллий университети менен менен биргеликте онлайн тәризде шөлкемлестирилген конференцияны институттың математиканы оқытыў методикасы кафедрасы баслығы, физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент Б.Пренов басқарып барды.

 

Атап өтилгениндей, математика илими елимизде терең тарийхый тийкарларға ийе болып, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын әҳмийетли тараўлардың биринен есапланады.

 

Сонлықтан да, елимизде математика 2020-жылдағы илимди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленди. Өткен дәўир ишинде математика илими ҳәм билимин жаңа сапа басқышына алып шығыўға қаратылған бир қатар системалар әмелге асырылды.

 

2019-жыл 9-июльда Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «Математиканы оқытыў ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының жумысларын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары және 2020-жыл 7-майда «Математика тараўындағы билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

 

Билимлендириўдиң барлық басқышларында математика пәнин оқытыў системасын буннан былай да жетилистириў, педагоглардың нәтийжели мийнетин қоллап-қуўатлаў, илимий-изертлеў жумысларының көлемин кеңейтиў ҳәм әмелий әҳмийетин арттырыў, халықаралық жәмийетшилик пенен байланысларды беккемлеў мәмлекетимизде илимди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларының бирине айланды.

Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисинде академик, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институты директоры, сенатор Шавкат Аюпов, академик, Өзбекстан Миллий университети кафедра баслығы Азимбой Саъдуллаев, сондай-ақ, Сибирь федерал университети ҳәм республикамыздағы көплеген жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайлары профессорлары, илимий излениўшилер тараўға байланыслы баянатлары менен қатнасты.

 

Конференция 28-ноябрьге шекем даўам етеди.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.