ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Ана тилим – тарийхым ҳәм келешегим

1-декабрь – Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлигиниң берилген күни. Сәне мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының барлық факультетлеринде байрам илажлары өткерилмекте.

Институттың киши мәжилислер залында «Ана тилим – тарийхым ҳәм келешегим» атамасындағы республикалық конференция ҳәм байрам кешеси шөлкемлестирилди.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Тил – миллет символы, тил бар екен миллет те жасайды, тил менен бирге өмир сүреди. Ҳәр бир миллет келешек әўладлар тәрбиясын ана тилинде алып барады. Өйткени, ана тилинде тәрбияланған әўлад ана ўатанына садық перзент болып, оның раўажланыўына хызмет етеди. Ана тилин ҳүрмет етиў, оны миллий мақтаныш ҳәм қәдирият деп билиў менен бирге, оның тарийхын, әдебий тилдиң нормаларын билиў және қоллана алыў – ҳәр бир перзенттиң әдиўли миннети болып табылады.

Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўи де үлкен тарийхый ўақыя болып, ҳәзирги ўақытта елимиздиң тийкарғы байрамларының бири сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте. Бурынғы Аўқамның ҳүким сүрип турған ўақтында сол ўақыттағы жәмийетлик белсендилер, илимпазлар ҳәм әлбетте, халқымыздың бир мақсет жолында бирлесиўи – ана тилимиздиң Мәмлекетлик тил бийлигин алыўына тийкар жаратты. Бул тарийхый ўақыя мәмлекетимиздиң өз ғәрезсизлигин қолға киргизиўи жолындағы ең дәслепки ҳәм үлкен қәдемлериниң бири болды.

 

Илажда филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов, филология илимлериниң кандидаты, профессор Қ.Қощанов, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент А.Пазылов, филология илимлериниң докторы, профессор К.Қурамбаев, қарақалпақ тили кафедрасының баслығы, филология илимлериниң кандидаты Е.Алланазаров ҳәм басқалар ана тилимизди буннан былай да терең изертлеў ҳәм раўажландырыў, қарақалпақ тилинен пайдаланыўдағы бүгинги күнниң машқалалары ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққында баянатлар жасады.

Конференцияда Қарақалпақстандағы ҳәр бир жоқары оқыў орнында олардың қәнигелесиўине қарамастан қарақалпақ тили ҳәм әдебияты кафедраларын шөлкемлестириў, ҳәр бир мәкемеде мәмлекетлик тилден дурыс пайдаланыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестириў, қарақалпақ тилиндеги рекламалық материалларды көбейтиў, соның менен бирге, қарақалпақ тилин оқытыўда заманагөй усыллардан пайдаланған ҳалда келешек әўладлардың қарақалпақ тили бойынша сөйлеў мәдениятын арттырыў усыныслары билдирилди.

Институт студентлери арасында сәне мүнәсибети менен өткерилген «Тил – миллеттиң руўхый ғәзийнеси» атамасындағы шығармалар таңлаўы ҳәм «Ана тилим сен басқадан айырмам» атамасындағы аудио ҳәм видеороликлер таңлаўы жеңимпазлары сыйлықланды.

Илажға Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарма баслығы О.Бозоров онлайн тәризде қатнасты.

Илаж соңында институттың талантлы жасларының атқарыўындағы байрам концерт бағдарламасы жыйналғанлар итибарына усынылды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.