Институтта әййемги түркий жазба естеликлер бойынша белгили илимпаз Насимхон Раҳмонов пенен ушырасыў болып өтти
Бүгин, 3-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының киши мәжилислер залында филология илимлериниң докторы, профессор, әййемги түркий жазба естеликлер бойынша белгили илимпаз Насимхон Раҳмонов пенен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўға институттың түркий тиллер факультети профессор-оқытыўшылары, докторантлар, магистрантлар ҳәм студентлер қатнасты.
Насимхон Раҳмонов әййемги түркий тилинен ҳәзирги өзбек тилине аўдарма ислеп баспадан шығарған еки китаптан ибарат болған көлемли «Олтун ёруғ» шығармасы (дәслепки китап 2009-жылы, екиншиси 2013-жылы баспадан шығарылған) тек ғана Өзбекстанның емес, соның менен биргеликте, Орайлық Азия ҳәм Россияның руўхый турмысында үлкен тарийхый ўақыя болған. Ол көплеген сырт мәмлекетлерде баянатлары менен қатнасып келмекте. Оның мақалалары Россия, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан сыяқлы мәмлекетлерде жәрияланған.
Оның илимдеги хызметлери халықаралық көлемде тән алынған. Оған 2017-ыжыл Түркиядағы «Жаңа Түркия стратегиялық изертлеўлер орайы» (Анкара)ның сыйлығы берилген, сондай-ақ, Халықаралық Түрк академиясы (Нурсултан)ның гүмис медалы менен сыйлықланған.
Профессор Н.Раҳимов өмири ҳәм илимий-изертлеў жумыслары ҳаққында жыйналғанларға кең түрде айтып берди.
Профессор-оқытыўшылар, жас излениўшилер ҳәм студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Ушырасыў соңында илимпаз өзиниң шығармаларын жасларға саўға етти.
НМПИ баспасөз хызмети.