Бәрқулла итибарда…

Бүгин, 12-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында майыплығы болған студент-жаслар ҳәм хызметкерлерге байрам саўғаларын тапсырыў илажы болып өтти.

«3-декабрь – Халықаралық майыплығы болған адамлар күни», «8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн» ҳәм жақынласып қалған жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажда институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров, институт кәсиплик аўқамы шөлкеми баслығы К.Гүлимбетов ҳәм басқалар жыйналғанларды байрам сәнелери менен қутлықлады.

 

Елимизде майыплығы болған адамларға болған итибар нәтийжесинде олардың жоқары билим алыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратылған. Олар ушын ҳәр жылғы қабыллаў процесинде айрықша квота тийкарында мәмлекетлик грант орынлары ажыратылып келинбекте.

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 15-октябрьдеги «Майыплығы болған адамлардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенлиги бул бағдардағы жаңа қәдемлердиң ҳуқықый негизи болды.

 

Илажда институтта оқып атырған 129 студент ҳәм 3 хызметкерге институт ректораты ҳәм кәсиплик аўқамы шөлкеми тәрепинен таярланған байрам саўғалары тапсырылды.

НМПИ баспасөз хызмети.