ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўы кубогы «Үстирт жулдызлары» командасына тапсырылды

Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Респуликасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы шөлкемлестириўинде бүгин, 12-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасындағы қуўнақ ҳәм зийрек жаслар арасында «Қуўнақ жаслар» таӊлаўы өткерилди.

 

Басқарма рәсмий каналында жәрияланған хабарға қарағанда, таӊлаўда жәми 7 команда қатнасыўшылары 3 шәрт бойынша, яғный Сәлемнама — «Сәлем, Биз және сахнадамыз!»,  «Биатлон» ҳәм еркин тема — «Ўақыя былай болған еди…» шәртлери тийкарында өз-ара жарысты.

 

Таӊлаў жуўмағында, «Үстирт жулдызлары» командасы 1-орынды ийелеп диплом ҳәм арнаўлы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўы кубогы және қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. Сыйлы 2-орынға «Туран» командасы, ал 3-орынға «Хожели жаслары» командасы ылайық деп табылып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Таӊлаўға белсене қатнасқан командалар ҳәм номинациялар тийкарында команда ағзаларына ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары берилди.