Шет тиллери факультетинде тараў қәнигелери менен ушырасыў болып өтти
Шет тиллери факультетинде «Декабрь – ҳуқуқый саўатқанлық айы» шеңберинде «Биз нызамларды үйренемиз», «Нызам ҳәм жаслар» атамасында студент-жаслар менен ушырасыў кешеси болып өтти.
Ашық сәўбетлесиў формасында өткен илажға Нөкис қалалық «Көк өзек» МПЖ баслығы М.Бегжанов, ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Нөкис қалалық инспекциясының инспекторлары Р.Қыпшақбаев, А.Мәтмуратов, Нөкис қалалық «Қумбыз аўыл» МПЖ баслығы А.Қудайназарова, профилактикалық инспекторы А.Боранбаевлар қатнасты.
Илажды факультет деканының жаслар менен ислесиў бойынша орынбасары Мийрихан Алланиязова ашып берди ҳәм басқарып барды.
Сөзге шыққанлар жаслардың ҳуқуқый саўатқанлығын арттырыў, олардың ҳуқуқларын қорғаў бойынша исленип атырған жумыслар ҳаққынла кең түрде мағлыўматлар берди. Илажда студент-жасларға ҳәзирги ўақытта жаслардың түрли жат иллетлерге кирип кетиўиниң алдын алыў, унамсыз ҳәдийселер ҳәм жынаятларға қол урмаў, сондай-ақ, қоршаған орталықты абайлап-сақлаў ҳаққында айтып өтти.
Илаж соңында студент-жаслар қәниге ҳәм тараў ўәкиллеринен өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.