Суд-ҳуқық тараўындағы өзгерислер бойынша түсиниклер берилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жасларына мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы өзгерислерди түсиндириў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша тийисли тараў ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының судьялары Асқар Бекманов, Тимур Турдымуратов, Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының баслығы Шарафат Шамәмбетов қатнасты.

 

Тараў қәнигелери тәрепинен бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы суд-ҳуқық системасы бойынша нызам ҳәм қарарларға киргизилип атырған өзгерислер, олардың инсан мәпи ушын әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиник берилди.

2020-жыл 7-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Судьялардың ғәрезсизлигин тәмийинлеў ҳәм суд тараўында коррупцияның алдын алыў нәтийжелигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-6127-санлы пәрманы, оны қабыл етиўдеги мақсет, өзгерислер, алдынғысынан парқы ҳәм әпиўайыластырылғанлығы, басқышлары бойынша анық, түсиникли мағлыўматлар берилди.

Ушырасыў даўамында бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы өзгерислер, жаңалықлар бойынша профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға тараў қәнигелери тәрепинен тийисли жуўаплар алды.