ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының факультет басқышы болып өтти

Шет тиллери факультети тәрепинен ҳәр жылы өткериў дәстүрге айланған «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының факультет басқышы болып өтти.

 

Жасларды бир мақсет жолында бирлестирген бул таңлаўдың тийкарғы мақсети қәбилетли, талантлы студент-жасларды анықлап, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

 

Таңлаўды факультет деканы Илья Дильманов ашып берди ҳәм барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи. 

 

Таңлаў қатнасыўшылары «Студент болған қандай жақсы» атамасындағы «Сәлемнама», «Студенттиң ҳәзили» атамасындағы «Сахналық көринис» шәртлери тийкарында қәбилетлерин көрсетти.

 

Таңлаў жуўмағына муўапық, 1-орынды «Льготныйлар» командасы, 2-орынды «Тек ғана қызлар» ҳәм «Английский аристократлар» командалары ийеледи.

 

Сондай-ақ, сахнада өзин тутып, актёрлық шеберлиги менен төрешилер қурамы ҳәм мийманлар кеўлинен орын ала алған белсенди қатнасыўшылар,  яғный «Ең шаққан қыз» номинациясы менен Араздурдиева Аннасолтан ҳәм Шатиева Назира, «Ең зийрек студент» номинациясы менен Оразбаев Айдос, «Ең қәбилетли студент номинациясы» бойынша Жалғасбаев Нурболлар ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.