Әжинияз Қосыбай улы ҳәм Ибрайым Юсупов атындағы стипендиялардың 2020-2021-оқыў жылындағы жеңимпазлары анықланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында зийрек студентлерди қоллап-қуўатлаў, оқыўда ҳәм илимий излениў жумысларында айрықша белсендилик көрсетип киятырған студентлерди мүнәсип түрде хошаметлеп барыў мақсетинде шөлкемлестирилген Әжинияз Қосыбай улы ҳәм Ибрайым Юсупов атындағы стипендиялардың 2020-2021-оқыў жылындағы жеңимпазлары анықланды.   

 

Быйылғы оқыў жылында Әжинияз Қосыбай улы атындағы стипендия жеңимпазлары болған студентлер: 

 

Педагогика факультети 3-курс студенти Б.Аминбаева;

Физика-математика факультети 3-курс студенти С.Барлықбаева;

Тәбийғый пәнлер факультети 3-курс студенти С.Қалбаева;

Баслаўыш тәлим факультети 2-курс студенти А.Тәжибаева.   

 

Ибрайым Юсупов атындағы стипендия жеңимпазлары болған студентлер: 

 

Шет тиллери факультети 4-курс студенти Д.Қыдырбаева;

 

Педагогика факультети 3-курс студенти Т.Ильясов;

 

Түркий тиллер факультети 3-курс студенти Ф.Отарбаева.

 

Институттың киши мәжилислер залында быйылғы оқыў жылында жоқарыда атлары аталған стипендиат болған студентлерге гүўалықлар тапсырылды.

 

Илажда институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов ҳәм факультет деканлары стипендиат болған студентлерди қутлықлап, оқыўларына табыслар тиледи.

 

Өз гезегинде, стипендиат студентлер де сөзге шығып, берилип атырған усындай итибар ҳәм ғамқорлықлар ушын миннетдаршылық билдирди.

 

Мағлыўмат ушын, Әжинияз Қосыбай улы ҳәм Ибрайым Юсупов атындағы стипендия атақлы стипендиялар ушын берилетуғын базалық стипендияның (1 207 461 сум) 70% и муғдарында 2020-жылдың сентябрь айынан баслап бериледи.

 

Ислам Матеков, 

НМПИ баспасөз хаткери.