ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Өзбекстанда февральдан баслап жәрийма ҳәм төлемли контракт пуллары көбейеди

Президент Шавкат Мирзиёев 30-декабрь күни 2021-жылдағы Өзбекстан мәмлекетлик бюджетиниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша қарарға қол қойды. Қарарға муўапық, 2021-жыл 1-февральдан баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы ҳәм стипендиялар муғдары 10 процентке көбейтилди.

 

Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиевтиң жазыўынша, Президент қарарынан келип шығып, жоқары оқыў орынлары студентлериниң төлемли-контракт муғдарлары да 1-февральдан 10 процентке көбейеди.

 

«Себеби, контрактлар мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарына байланыстырып қойылған», — деп жазды Худайбердиев.

 

Сондай-ақ, атап өтилиўинше, базалық есаплаў муғдарына байланыстырылған төлемлер де көбейеди. Мәселен, ҳәкимшилик жәриймалар, салықлар, мәмлекетлик бажылар ҳәм усы сыяқлы басқа төлемлер.

 

Мағлыўмат ушын, 2021-жыл 1-февральдан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары айына 747,3 мың сум (ҳәзирги ўақытта бул 679,3 мың сумды қурайды) етип белгиленди. Базалық есаплаў муғдары болса 223 мың сумнан 245 мың сумға көтериледи.

 

Еслетип өтемиз, 2020-жыл 1-февральдан мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары ҳәм пенсия, стипендия және напақалар орташа 7 процентке көбейтилген еди. 1-сентябрьден баслап пенсия ҳәм напақалар 10 процентке көбейтилген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.