Малайзияның HELP университети менен бирге ислесиў бойынша видеоконференция болып өтти
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Малайзияның HELP университети менен илимий-педагогикалық жумысларда бирге ислесиў бойынша видеоконференц байланыс тәризинде ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда HELP университети вице-канцлери, доктор Datuk Paul Chan ҳәм Халықаралық бирге ислесиў шөлкеми вице-президенти Fiona Woo, сондай-ақ, Өзбекстанның Малайзиядағы елшиханасының 1-секретары Широз Абдуллаев институттың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Полатбек Калханов және тийисли жуўапкерлер менен академиялық мобильлик, профессор-оқытыўшылардың тәжирийбесин арттырыў мақсетинде өз ара алмасыў бойынша бирге ислесиў перспективаларын додалады.
Онлайн тәризде болып өткен ушырасыўда HELP университети ўәкиллери жоқары оқыў орнында жаратылған имканиятлар, сырт елли студентлердиң оқыў ҳәм жасаў шараятлары, қолға киргизилип атырған нәтийжелери бойынша презентация көринисинде таныстырды.
HELP университети Азия континентиндеги 650 ден аслам жоқары оқыў орынлары арасында сырт елли студентлерди алмасыў бағдарламасы бойынша дүнья бойынша тән алынған Quacquarelli Symonds (QS) халықаралық рейтингинде Азияда 1-орынды ийелеген.
Университет 1986-жылы шөлкемлестирилген болып, 9000 нан аслам студент оқымақта.
Университетте дүньяның 92 мәмлекетинен 1500 ден аслам студентлер билим алмақта.
НМПИ баспасөз хызмети.