НМПИде еки заманагөй мини футбол майданшасы қурылмақта
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында мини футбол менен шуғылланыў ушын қоршалған еки заманагөй майданшаның қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта.
Мини футбол ушын қоршалған футбол майданшалары институттың бюджеттен тыс төлемли контракт қаржылары есабынан институт студентлери ҳәм профессор-оқытыўшылары, басқа да хызметкерлери, соның менен бирге, институт әтирапында жайласқан мәкан пуқаралар жыйынлары турғынларының бос ўақытларын спорт және саламатластырыў илажларына бағдарлаў мақсетинде қурылмақта.
Институттың физика-математика және сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы факультетлери жайласқан имарат алдындағы, сондай-ақ, институт бас имараты ҳәм түркий тиллер факультети имараты артындағы спорт майданшалары кебир шығып, жыл даўамында пайдаланыў имканияты шекленген, сол себепли студентлердиң гүзги-бәҳәрги мәўсимде спорт пенен шуғылланыўы ушын мүмкиншилик жоқ еди. Усыларды есапқа алып еки орында ҳәр бирине 230 миллион сумнан аслам қаржы ажыратылған ҳалда мини футбол ушын қоршалған футбол майданшасы қурылмақта.
Қурылыс жумыслары «Sapsan Avto Trans» ЖШЖның тәжирийбели қурылысшылары тәрепинен әмелге асырылмақта.
НМПИ баспасөз хызмети.