ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри өзгерди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 14-январьдағы 6141-санлы пәрманы тийкарында Абдукодир Хамидович Тошкулов Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында министрлик хабар берди.

 

Усы күнге шекем министр болып ислеп келген Иномжон Уришевич Мажидов Министрлер Кабинетиниң 14-январьдағы 15-санлы қарары тийкарында Өзбекстан Миллий университети ректоры лаўазымына тайынланған.

 

Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң усы қарарына муўапық, Ферғана политехникалық институты ректорлығына Ўктам Раҳимович Саломов, Термиз мәмлекетлик университети ректоры лаўазымына Авазжон Раҳимович Мараҳимов тайынланған.

 

Ислам Матеков.