ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мәртлер қорғайды ана Ўатанды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен «Мәртлер қорғайды ана Ўатанды» сүрени тийкарында руўхыйлық-ағартыўшылық илажлары ҳәптелигин өткериў жолға қойылды. Ҳәптелик шеңберинде факультетлер кесиминде нураныйлар, Нөкис қаласында жайласқан әскерий бөлимлер хызметкерлери қатнасыўында мәдений-ағартыўшылық илажлары алып барылды. Сондай-ақ, институт студентлериниң әскерий бөлимлерге экскурсиялары шөлкемлестирилди.

Байрам мүнәсибети менен 2021-жылдың 14-январь күни институт мәжилислер залында ушырасыў кешеси болып өтти. Ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде бүгинги қутлы сәне менен жыйналғанларды қызғын қутлықлаў арқалы елимиз тынышлығын, пәраўан турмысын тәмийинлеўде хызмет етип атырған пидайы уллардың Ўатан алдындағы әдиўли мийнетлеринде тасқын табыслар тиледи. Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң барлық тараўларында жүз берип атырған жаңаланыўлар қатарында әскерий хызметкерлерге жаратылып атырған кең имканиятлар ҳаққында кеңнен тоқталып өтти.

Ушырасыўда Халықаралық аэропортларда қәўипсизликти тәмийинлеў күшлери Нөкис қаласы арнаўлы батальоны взвод командири А.Шерматов, Арнаўлы ўазыйпаларды орынлаўшы мобилизациялық топар командири С.Шакировлар өз баянатлары менен қатнасты. Өткерилген илажда Нөкис қаласында жайласқан 7262-санлы әскерий бөлимде өзлериниң әдиўли миннетлерин өтеп атырған әскерлер, институттың академиялық лицейи әскерийлестирилген топар оқыўшылары да байрам қуўанышлары менен бөлисти.

Ушырасыў соңында институттың талантлы студентлериниң атқарыўында концерт бағдарламсы шөлкемлестирилди.