ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты сайлаў мүддети питкен бос педагог-хызметкер лаўазымлары ушын таңлаў жәриялайды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты сайлаў мүддети питкен бос педагог-хызметкер лаўазымлары ушын таңлаў жәриялайды

 

Кафедра баслығы лаўазымына:   Аралықтан оқытыў (инглис тили қәнигелиги), кафедрасына.

Профессор лаўазымына:  Өзбек тили кафедрасына.

Доцент лаўазымына: Физика оқытыў методикасы, Химия оқытыў методикасы, Өзбек тили, Аралықтан оқытыў (қарақалпақ тили қәнигелиги), Дене тәрбия кафедраларына.

Үлкен оқытыўшы лаўазымына: География оқытыў методикасы, Мийнет тәлими, Жәмийетлик пәнлер (философия бағдары), Инглис тили ҳәм әдебияты кафедраларына.

Ассистент оқытыўшы лаўазымына:  Математика оқытыў методикасы, Информатика оқытыў методикасы, Физика оқытыў методикасы, География оқытыў методикасы 0,75 ст, Милий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм хуқық тәлими (Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы бағдары),  Қарақалпақ тили, Инглис тили ҳәм әдебияты, Факультетлер ара шет тиллери (инглис тили), Дене тәрбия, Жәмийетлик-гуманитар пәнлер 0,75 ст, Музыкалық тәлим, Жәмийетлик пәнлер (философия бағдары), Аралықтан оқытыў (педагогика ҳәм психология қәнигелиги) кафедраларына.

Кафедра баслығы лаўазымын ийелеў ушын таңлаўда илим докторы, илим кандидаты илимий дәрежесине, профессор яки доцент илимий атағына, сондай-ақ тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерге ийе болған шахслар қатнасыўы мүмкин.

Профессор лаўазымын ийелеў ушын  таңлаўда, қағыйдаға көре, профессор илимий атағына яки илим докторы илимий дәрежесине, сондай-ақ тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерге ийе болған шахслар қатнасыўы мүмкин.

Доцент лаўазымын ийелеў ушын таңлаўда, қайғыдаға көре, доцент, илимий атағына, үлкен илимий хызметкер яки илим докторы (кандидаты) илимий дәрежесине, сондай-ақ тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерге ийе болған шахс қатнасыўы мүмкин.

Үлкен оқытыўшы лаўазымына жоқары мағлыўматқа ийе болған (магистр дипломлы) қәниге, илимий дәреже ҳәм илимий атаққа  ийе болған (сондай-ақ тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерге) ҳәм бундай дәреже ҳәм атаққа ийе болмаған, бирақ оқытыўшылық, илим изертлеў ҳәм ислеп шығарыў ислери тәжирийбесине ийе болған пуқаралар да  қатнасыўы мүмкин.

Ассистент лаўазымына ийелеў ушын таңлаўда жоқары мағлыўматқа ийе болған шахс (магистр, дипломлы қәниге), сондай-ақ илимий дәреже (атап айтқанда, илим кандидаты, тийисли қәнигелик бойынша шет мәмлекетлердиң философия докторы (PhD) илимий дәрежесине яки оған теңлестирилген басқа илимий дәрежелерине) ҳәм илимий атаққа ийе болған ҳәм де бундай дәрежеге ҳәм атаққа йие болмаған, бирақ оқытыўшылық, илимий-изертлеў ҳәм ислеп шығарыў жумыслары тәжрийбесине ийе болған шахслар да қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўға қатнасыўды қәлеўшилер институт ректоры атына арза, кадрларды есапқа алыў бойынша жеке ис қағазы, дипломлары ҳәм илимий жумысларының дизими, сондай-ақ қәнигелигин жетилистиргенлиги ҳаққындағы гуўалығының көширмелерин тапсырады.

Таңлаўға қатнасыў ушын арзалар дағаза жәрияланған күннен баслап        1 айдан кешикпей берилиўи керек.

Таңлаў шәртлери бойынша қосымша мағлыўматларды институт кеңеси хаткеринен билиўиңизге болады.

Мәкан жайымыз: Нөкис қаласы, П.Сейтов көшеси  номерсиз жай.

телефон: (91) 384-33-12