НМПИден мәмлекетлик стипендиялар таңлаўында жеңимпаз болған студентлер дизими
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 1993-жыл 5-февральдағы «Өзбекстанның оқыўшы жасларын хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-555-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 13-октябрьдеги «Өзбекстанның қәбилетли жасларын сыйлықлаў ҳәм материаллық жақтан хошаметлеў ҳаққында»ғы 226-санлы қарарына муўапық, 2020-2021-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларының студентлерине Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик стипендиялары белгиленди.
Төменде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан мәмлекетлик стипендиялар таңлаўында жеңимпаз болған студентлер менен танысасыз.
2020-2021-оқыў жылы ушын Наўайы мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазлары
Базарбаев Мийрбек Қойлыбай улы – Географияны оқытыў методикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти;
Дәўлетбаева Шахноза Қуралбай қызы – Биологияны оқытыў методикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти;
Туркенбаева Дурдана Ерқанат қызы – Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 4-курс студенти.
2020-2021-оқыў жылы ушын Ислам Кәримов мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазы
Азатбаева Миясар Сәтбаевна – Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили тәлим бағдарының 3-курс студенти.
НМПИ баспасөз хызмети.