ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

ЖОҚАРЫ МƏНАЎИЯТЛЫ ƏЎЛАД – ҮШИНШИ РЕННЕССАНС ДӘЎИРИНИҢ ИСЕНИМЛИ ТИРЕГИ

Мәмлекетимизде жаслар  сиясаты әмелде

Ҳәр қандай жәмийеттиң, онда жасап атырған инсанлардың тәғдири  ҳәм келешеги, әлбетте, жаслардың тәрбияланыў дәрежеси менен тығыз байланыста болатуғынлығы анық. Бүгинги күнде мәмлекетимиз раўажланыўы жолындағы тийкарғы мақсетлердиң бири – келешегимиздиң тиреги болған жасларды ҳуқықый, руўхый ҳәм сиясий жақтан ҳәр тәреплеме  жетик, еркин пикирлейтуғын, мәрт әўлад етип камалға келтириў болып есапланады. Себеби, ҳүрметли Президентимиз айтқанындай, үшинши ренессанс дәўирин биз, әлбетте, жаслар  менен биргеликте қурамыз.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки күнлеринен-ақ, жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Қайсы тараўды алып қарасақ та тийкарғы дыққат жасларға қаратылмақта, өз гезегинде, жаслар да жәмийетимизде әмелге асырылып атырған тарийхый процесстиң барлық тараўларында белсендилик пенен қатнасып келмекте. Мәмлекетимиздиң келешектеги тәғдирин, ертеңги күнин белгилеп беретуғын жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың уқыбы ҳәм қәбилетлерин, имканияты ҳәм күш-жигерин жәмийетимиздиң барлық тараўларында әмелге асырылып атырған жаңаланыў ҳәм раўажланыў ислерине бағдарлаў – бул тез және сапалы шешилиўи тийис болған баслы мәселе болып есапланады.

Бүгинги күнде билимли, сиясий ҳәм жәмийетлик белсенди, халықтың мәплерин өзиниң жеке мәплеринен жоқары қоятуғын, пидайы, дүнья таныўы кең, креатив пикирлейтуғын жаслар бәрше тараўларда жетилисип шықпақта.

Келешекке уллы мақсетлерди гөзлеп, нық қәдем таслар екенбиз, буның ушын, бириншиден, миллий қәдириятларымызды, тарийхымызды үйренсек, екиншиден, айдын келешегимиздиң жол-жобасын дүземиз. Усындай ҳәр биримиздиң келешегимизди, елимиздиң келешегин белгилеп бериўши ҳүжжетлердиң бири – Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжаты халқымыздың абадан турмысын белгилеп бериўши әҳмийетли ҳүжжетлер қатарында күтип алынды. Мүрәжатта Президентимиз ҳәр бир тараўға итибар қаратып, ҳәр бир усыныс, баслама, машқала ҳәм олардың шешимлерин, кемшилигин, жетискенлигин ҳәм алдағы он жыллықтағы тәғдириниң қандай болатуғынлығына өз пикирлерин айтып, ҳеш бир мәселени дыққаттан шетте қалдырмады. Мүрәжатты оқып үйренер екенбиз, онда ҳәр биримиздиң ертеңги күнге болған исенимимиз беккемленеди, жуўапкерли ўазыйпаларымызды еледе тереңирек сезиўимизге имканият жаратылады.

Мүрәжатта «2021-жыл – Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп усыныс еткен мәмлекетимиз басшысы жасларымызға ҳәр қашанғыдай айрықша итибар қарататуғынлығын билдирди. Себеби, жаслар бул мәмлекетимиздиң келешеги, бүгинги күнде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың ертеңги күнги даўамшылары. Мәмлекетимиз халқының 60 пайыздан аслам бөлегин жаслар қурайды. Жаслық – өмирдиң ең бийбаҳа дәўири. Онда алған билим тасқа ойылған нағыс сыяқлы. Сонлықтан, жасларымыздың илим ҳәм билим жолын таңлаўында оларға дурыс жол көрсететуғын устаз-педагоглардың орны айрықша. Яғный, педагог устазларға бул бағдарда оғада жуўапкершиликли ўазыйпа жүкленген.

Мүрәжатта Президентимиз билимлендириў системасында, соның ишинде, жоқары оқыў орынларының еле де раўажланыўына тийкар болатуғын реформаларға тоқтап өтти. Келешекте жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грантлар саны кеминде 25 пайызға көбейтиледи ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардың қызлары ушын мәмлекетлик грантлар саны еки жыл ишинде еки мыңға жеткериледи және арнаўлы стипендиялар берилетуғыны, жеке меншик жоқары оқыў орынларында зәрүр қәнигелерди таярлаў бойынша мәмлекетлик буйыртпа бериў системасы жолға қойылатуғынлығы жаслар ушын айрықша қуўанышлы ўақыя болды, десек қәтелеспеймиз. Себеби, жаслар өзлери ушын берилип атырған мәмлекетимиздиң ғамхорлығын сезинип жасар екен, келешекте елимиз ушын керекли маман кадрлар болып шығыўы сөзсиз. Сондай-ақ, Мүрәжатта жоқары рейтингке ийе шет ел университетлери, илимий ҳәм иновациялық орайлар менен де байланысларды күшейтиў, олар менен жетик кадрлар таярлаў бойынша бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм «Эл-юрт умиди» қоры арқалы жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларының магистратура ҳәм докторатурасында оқыўға жиберилетуғын жаслардың санын 5 есеге арттырыў, бул бағдарлама арқалы биринши мәрте бакалавр бағдарында шет еллерге 100 жигит-қызларымызды оқыўға жибериў кереклигин, олардың саны кейинги жылларда 2-3 есеге көбейтилетуғынлығы атап өтилди. Мәмлекетимиздеги ҳәрекет етип турған 30 жоқары оқыў орынларына оқыў бағдарламалары ислеп шығылып, қабыллаў квоталары ҳәм қаржы мәселелерин өзлери шешетуғын, бийғәрез ҳуқықы бериледи.

Келешегимиз таянышы болған жасларды таярлайтуғын педагог-кадрлардың билимине де айрықша итибар бериў мәселесинеде айрықша дыққат қаратылыўы нәзерде тутылды. Педагог-кадрлардың қәнигелигин турақлы жетилистирип барыў арқалы жоқары оқыў орынларының рейтинги жоқарылаўы сөзсиз. Бул мақсетте олардың илимий дәрежесин де арттырыўға айрықша итибар қаратып, 2021-жылы докторантлар саны 4,5 мыңға жеткерилип яки 2017-жылға салыстырғанда 3 есеге арттырылады ҳәм усы мақсетлер ушын бюджеттен қосымша 240 миллиард сўм муғдарында қаржы ажратылатуғынлығы атап көрсетилди.

Мәмлекетимизде жаслар тәрбиясына қаратылып атырған усындай ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында Президентимиз басшылығында 2021-жылдың 19-январь күни Руўхыйлық-ағартыўшылық системасын түпкиликли жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Жәҳән тарийхына нәзер тасласақ, ҳәр бир халық ең дәслеп руўхый бирлесиўи арқалы, миллий идеясы менен раўажланған. Бүгин жаңа өмирге қәдем қойыў, раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алыў жолында баратырған мәмлекетимизде де миллий идея жүдә шешиўши әҳмийетке ийе.

Соңғы жылларда бул бағдарда бир қатар қарарлар қабыл етилди. Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңеси баслығы Президент екенлиги белгилеп қойылды. Кеңестиң аймақлық бөлимлерине жуўапкершилик ҳәкимлерге жүклетилди. Бул жаңаланыўлар руўхыйлық-ағартыўшылық жумысларын мәмлекетимиз сиясатында жәнеде жоқары дәрежеге көтерди.

– Егер жәмийетлик турмыстың денеси экономика болса, оның жаны ҳәм руўхы мәнаўиятдур, – деди Шавкат Мирзиёев мәжилисте. – Биз жаңа Өзбекстанды қурыўға қарар еткен екенбиз, еки беккем сүтинге таянамыз. Бириншиси – базар принциплерине тийкарланған күшли экономика. Екиншиси – ата-бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнаўият.

Ҳәзирги күнде, айырым тараўда өз шешимин күтип турған жаңаланыўлар, өзгерислер самалы кирип бармаған мәселелер көп. Миллий идеяның әҳмийетин толық аңлап жетпеген, ески идеологияның тәсири менен буған жүзеки қараўшылар да арамызда жоқ емес. Сонлықтан да, Президент мәмлекетимиз идеологиясының тийкарғы идеясын атап өтти:

Биз жаратып атырған жаңа Өзбекстанның идеологиясы — жақсылық, инсаныйлық, гуманизм идеясы болады. Биз идеология дегенде ең дәслеп пикир тәрбиясын, миллий ҳәм улыўма инсаный қәдириятлар тәрбиясын түсинемиз. Олар халқымыздың неше мың жыллық турмыслық түсиниклерине ҳәм қәдириятларына тийкарланған,  – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бәршемизге белгили, бүгинги глобалласыў дәўири инсаният турмысына көплеген қолайлықлар, техникалық имканиятлар жаратып бериў менен бир қатарда миллий менталитетимизге, көп әсирлик үрп-әдет дәстүрлеримизге жат болған иллетлердиң кеңнен ҳәўиж алыўы сыяқлы қәўиплерди де келтирип шығармақта. Сонлықтан да, мәмлекетимиз басшысы бийпәрўалық ең үлкен қәўип екенлигин, бүгинги күнде ушырасып атырған социаллық машқалаларды кемейтиў ушын кекселер тәрбиясы, жәмийетлик қадағалаў жеткиликсиз дәрежеде екенлигин билдирди.  

Мәжилисте, сондай-ақ, руўхыйлық-ағартыўшылық бағдарындағы жумыслардың сапасын буннан былайда жетилистириў илажларының белгилеп алыныўы, Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының жумысларын муўапықластырыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша ўазыйпалар алға сүрилди. Орайдың «Маънавият тарғиботчиси» оқыў орны тийкарында Жәмийетлик-мәнаўый изертлеўлер институтын шөлкемлестириў бойынша усынысын билдирди.

Əлбетте, Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген бул әҳмийетли ўазыйпалардың тийкарында заманагөй билимге, дүньятанымға ийе жас әўлад тәрбиясы, елимизидиң ертеңги күнине деген үлкен исеним көзге тасланады.

Əжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти де Президентимиз тәрепинен жаслар тәрбиясы мәселесине қаратылып атырған кең мүмкиншиликлерди, ғамхорлыықларды үлкен қуўаныш пенен қабыл етип алды. Қарақалпақстан Республикасындағы дәслепки жоқары оқыў орны сыпатында өзиниң 85 жыллық тарийхына ийе болған институтымызда бүгинги күнге шекем елимизге белгили жәмийетлик ғайраткерлер, илимпазлар, шайыр-жазыўшылар ҳәм халық хожалығының басқа да тараўларында өз орнына ийе болған уллы тулғалар тәлим-тәрбия алып, жетилисип шықты.

Ҳәзирги күнде де дәргайымызда оқыў, илимий-изертлеў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық тараўларында үлкен табысларды қолға киргизген жасларымыз билим алмақта. Атап айтқанда, кейинги үш жылдың өзинде илим-билимлендириў тараўында 6 мәмлекетлик стипендия ийелери, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында 2 Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, 2 «Ниҳол» сыйлығының лауреаты, 9 халықаралық конкурс-фестиваль жеңимпазлары, спорт тараўында 12 халықаралық, 89 республикалық турнирлер жеңимпазлары билим алмақта. Спорттың волейбол түри бойынша қызлар командасы соңғы үш жыл даўамында Өзбекстан чемпионаты ҳәм Өзбекстан Кубогы жарысларында бириншиликти қолға киргизген болса, «Универсиада-2020» спорт жарысларында да алтын медальларды жеңип алыўға еристи.

Сондай-ақ, институтта «Тумарис» қосық ҳәм аяқ ойын Халық ансамбли, «Тараннум», «Сыйперде» ҳәўескерлик ансамбльлери хызмет көрсетпекте. Республикалық көлемде өткерилетуғын «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўында институттың «Туран» командасы ҳәр жылы жоқары орынларды ийелеп келген болса, таңлаўдың 2015- ҳәм 2020-жыллардағы мәўсиминде Өзбекстан көлеминде чемпионлықты қолға киргизди.

2019-2020-оқыў жылынан баслап институтымызда Студентлер кеңеси дүзилип, студент-жаслардың машқалалаларын, олардың усыныс, пикирлерин үйренип шығыў ҳәм тийисли тәртипте әмелий жумыслар алып барылыўы жолға қойылды. Кеңес ағзаларының усынысы менен зийрек, жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған, сондай-ақ, жетим, майыплығы болған ҳәм кем тәмийинленген, мәкан пуқаралар жыйыны тәрепинен «Темир дәптер» дизиминде турған шаңарақ ағзалары болған студентлерге қосымша үстеме стипендия берилип келинбекте.

Бизиң бул мысалларды келтирип өтиўимиздиң тийкарғы себеби, Президентимиз айтқандай, «Өз күшимизге ҳәм имканиятларымызға болған исеним – бизди Үшинши Ренессанстың тийкарын жаратыўдай ийгиликли мақсет жолында бирлестирип, сөзсиз түрде және де күшли ҳәм беккем етпекте. Бул умтылыслар үлкен әмелий жумысларға айланып, уллы халық ҳәрекети күн сайын кеңейип бармақта. Бундай қүдиретли қатарда болыўдың өзи үлкен бахыт, үлкен машақат».

Сөзимиздиң жуўмағында айтып өтиўмиз керек, бүгинги күнде мәмлекетимиз, Президентимиздиң жаслар сиясаты бойынша ҳәр бир пикир ҳәм усыныслары жасларымыздың келешекте Ана ўатанымыздың гүлленип-раўажланыўына, оның даңқын дүнья жүзилик көлемде алып шығыўда қанат бағышлап, халқымыздың исенимин ақлаўына үлкен тәсирин тийгизеди деп исенемен.

 

Қувондиқ Қодиров,

Әжинияз атындағы Нөкис МПИ

Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры.