Елликқаладағы мектеплерге әмелий жәрдем бериледи
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы көрсетпеси тийкарында Қарақалпақстан Республикасының Елликқала, Әмиўдәрья, Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районларындағы питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлери төмен болған мектеплери методикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына бириктирилген еди.
17-февраль күни институт ректоры Б.Отемуратов басшылығындағы факультет деканлары ҳәм кафедралардың баслықлары Елликқала районындағы 35- ҳәм 60-санлы улыўма билим бериў мектеплерине барып, мектеп жәмәәти ҳәм жуўапкерлер менен ушырасып, жағдайларды үйренди.
Дәслепки мәнзил болған 35-санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыўшылар ушын жаратылған шараятларды үйрениў даўамында мектепте инглис тили ҳәм физика пәнлери бойынша муғаллимлердиң жетиспей атырғанлығы, информатика кабинети ҳәм физика лабораторияларынан мақсетке муўапық пайдаланылмай атырғанлығы анықланды. Соның менен бирге, мектеп питкериўшилериниң билим және көнликпелерин арттырыў мақсетинде 7-11-класслар ушын компьютерде тестлерди шешиў ушын бағдарламалық тәмийнатты жақсылаўға әмелий жәрдем берилип, мектеп муғаллимлери ҳәм оқыўшылары ушын математика, физика, информатика, инглис тили, дене мәденияты пәнлери бойынша оқыў-методикалық қолланбалар, сондай-ақ, көркем-әдебий шығармалар саўға етилди. Физика лабораториясында оқыўшылардың тәжирийбесин арттырыў ушын механикалық лабораториялық жумыс саўға етилди. Мектеп басшылары ҳәм муғаллимлер менен болған сәўбетлесиўде оқыўшылар ушын қосымша таярлық курсларын ашыў, буның ушын тийисли қәнигелер менен бирге институт профессор-оқытыўшыларын да мектепке бириктириў бойынша алдағы исленетуғын жумыслар келисип алынды.
Кейинги мәнзил 60-санлы улыўма билим бериў мектебиндеги үйрениў жумысларында мектепте рус тили пәни муғаллими жетиспейтуғынлығы анықланды. Соның менен бирге, мектептиң спорт залы ҳәм жазғы спорт майданшасы, информатика кабинети оқыўшылар ушын толық пайдаланыўға берилмегенлиги мәлим болып, бул бойынша тийисли усыныслар билдирилди. Питкериўши оқыўшылар менен болған сәўбетлесиўде олар быйылғы жылы болып өтетуғын тестлер, соның ишинде, математика, тарийх ҳәм ана тилинен түсетуғын мәжбүрий пәнлер бойынша тестлерге таярланыўға жәрдем сорады. Буның ушын мектептиң информатика кабинетиндеги компьютерлерге арнаўлы тест бағдарламаларын орнатыў жумыслары алып барылды. Және мектептиң физика лабораториясы ушын оқыўшылардың билимлерин беккемлеў ушын хызмет ететуғын оптикалық лаборатория жумысы, оқыўшылар ушын зәрүр болған сабақлықлар, көркем-әдебий шығармалар саўға етилди.
Мектеплерде өткерилген ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлерде институт ректоры Б.Отемуратов ҳәр тәреплеме белсенди болған питкериўши класс оқыўшыларын институт тәрепинен материаллық хошаметлеў, яғный ҳәр айда бир оқыўшыға базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында әмелий жәрдем бериў, соның менен бирге, мектеп муғаллимлерин де хошаметлеў мақсетинде базалық есаплаў муғдарының еки есеси муғдарында қосымша ҳақы төлеў мәселесинде усынысларын билдирди.
Мектеплердеги кадрлар жетиспеўшилиги ҳәм усы мәселе менен байланыслы анықланған машқалалар районлық халық билимлендириў бөлими жуўапкер тәреплерине мәлим етилип, бул бойынша институт питкериўшилерин усы мектеплерге жоллама менен жибериў мәселесинде пикир алмасылды.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.
Автордың түсирген фотолары.