ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

НМПИ студенти Гулнура Сейтжанова қол урысы бойынша жәҳән чемпионатына жоллама алды

Усы жылдың 7-11-февраль күнлери аралығында Ташкент қаласындағы «Универсал» спорт сарайында 18-35 жаслы спортшылар арасында қол урысы бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

 

Жарысқа Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардан спортшылар қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты шет тиллери факультетиниң студенти Гулнура Сейтжанова жарыста 70 кг салмақ категориясында қатнасты.

 

4 жылдан берли спорттың «Taekwon-do WTF», сондай-ақ, 6 айдан берли қол урысы спорт түри менен шуғылланып, шеберлигин арттырып киятырған Гулнура жарыста дәслеп Әндижан, соңынан Ташкент қаласынан болған қарсыласларын жеңип, ярым финалға жоллама алды. Ташкентли қарсыласы менен болып өткен жекпе-жекте Гулнура 1-раундта өзиниң жоқары таярлыққа ийе екенлигин көрсетип, қарсыласын нокаутқа ушыратты.

 

Ярым финалда және бир пайтахтлы спортшы менен жекпе-жекке шыққан жерлесимиз упайлар есабында жеңилип қалды ҳәм чемпионаттың бронза медалын қолға киргизди.

Жарыс жуўмағында күшли үшликтен орын алған барлық спортшылар қатарында Гулнура Сейтжанова да усы жылдың июнь айында Ташкент қаласында болып өтетуғын жәҳән чемпионатына жолламаға ийе болды.

 

— Жетискенликлерге ерисиўимде устазым Жәҳәнгер Сейтаевтың мийнетлери көп. Ҳәзирги ўақытта жәҳән чемпионатына, соның менен бирге, усы жылдың март айында Сурхандәрья ўәлаятында болып өтетуғын бириншиликке таярлық көрип атырмыз, — дейди Гулнура.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.