Жийен жыраўдың туўылғанына 290 жыл толыўына арналған республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты түркий тиллер факультети қарақалпақ әдебияты кафедрасы ҳәм «Зийўар» әдебий дөгерегиниң шөлкемлестириўинде Жийен жыраўдың туўылғанына 290 жыл толыўына арналған «Жийен жыраў – қарақалпақ фольклоры ҳәм жазба әдебиятын байланыстырыўшы уллы сөз шебери» атамасында республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.
Конференцияда Жийен жыраў дөретиўшилигиниң XXI әсирдеги үйренилиўи ҳәм изертлениў мәселелери, қарақалпақ фольклорында жыраўлар мектебиниң тутқан орны, Жийен жыраў – толғаў дөретиўшиси ҳәм қарақалпақ жазба әдебияты, Жийен жыраўдың шығармаларындағы тарийхыйлық ҳәм көркем өзгешелик мәселелери, глобалласыў ҳәм пүткил дүнья жүзи интеграциясы шараятындағы миллий-руўхый мәденият мәселелери, Жийен жыраў дөретиўшилигин оқытыўда алдынғы инновациялық технологиялар сыяқлы мәселелер додалаўға қойылды.
Илажға филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов, доцент М.Бекбергенова, доцент С.Қазахбаев, филология илимлери бойынша философия докторы Қ.Мәмбетов, доцентлер С.Баўатдинова ҳәм С.Шынназарова, үлкен оқытыўшы З.Қтайбекова, сондай-ақ, докторантлар, магистрантлар ҳәм студентлер өз баянатлары менен қатнасты.
Конференция Жийен жыраў шығармалары бойынша көркем оқыў ҳәм сахналық көринислер шөлкемлестирилди.
НМПИ баспасөз хызмети.