ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтта «Presidents’ Day» байрамы өткерилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Access English Microscholarship Program» жойбары шеңберинде «Presidents’ Day» (Президентлер күни) байрамы өткерилди.

Жойбар қатнасыўшылары байрамда байрамның келип шығыў тарийхы ҳәм Америка Қурама Штатларында бул байрамның белгилениўи, АҚШ президентлериниң өмири ҳәм жумыслары ҳаққында қызықлы мағлыўматлар менен сахналық көринислер, презентациялар арқалы көрсетип берди.

 

Жойбар координаторы институттың инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти Дина Мамырбаева, жойбар оқытыўшылары Гүлнур Кенжебаева, Камила Якупова ҳәм Наргиза Нуратдиновалар байрамды шөлкемлестириўде белсендилик көрсетти.

 

НМПИ баспасөз хызмети.