ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Миллий гүрес бойынша «Ректор кубогы» жарысы болып өтпекте

Бүгин, 23-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында спорттың миллий гүрес түри бойынша факультетлер арасында «Ректор кубогы» жарысы өткерилмекте.

Жарысты институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм Өзбекстан Кураш ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры С.Жүсипбеков ашып берди ҳәм қатнасыўшыларға табыслар тиледи.

«Ректор кубогы» жарысы улыўма 15 салмақ категориясында ер жигитлер ҳәм қызлар арасында болып өтпекте.

 

Жарыс жуўмақлары бойынша мағлыўмат беремиз.

 

НМПИ баспасөз хызмети.