Миллий гүрес бойынша «Ректор кубогы» дене мәденияты факультетине несип етти
Алдын хабар бергенимиздей, бүгин, 23-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында спорттың миллий гүрес түри бойынша факультетлер арасында «Ректор кубогы» жарысы болып өтти.
Жарыс улыўма 15 салмақ категориясында ер жигитлер ҳәм қызлар арасында өткерилди.
Жеңимпазларды сыйлықлаў илажында институт ректоры Б.Отемуратов сөзге шығып, институт тәрепинен 1-, 2- ҳәм 3-орын жеңимпазларына сәйкес түрде базалық стипендияның 1,5 есеси, 1 есеси ҳәм ярым есеси муғдарларында стипендия берилетуғынлығын мәлим етти. Сондай-ақ, усындай жарысты тек ғана институт көлеминде өткерип қоймастан, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары студентлери арасында да даўам еттириў бойынша усыныслар билдирилгенин атап өтти.
Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелерине диплом ҳәм медальлар тапсырылды.
Жарыс жуўмақларына муўапық, улыўма командалық есапта дене мәденияты факультети 1-орынды ийелеп, «Ректор кубогы» жеңимпазы болды.
2-орын физика-математика факультети ҳәм 3-орын шет тиллери факультетине несип етти.
Жарыста жеңимпаз болғанлардың толық дизими жәрияланады.
НМПИ баспасөз хызмети.