Бес баслама – бес имканият. Жаслар ушын және де кең имканиятлар

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында жасларға деген итибар күшейтилмекте. Быйылғы жылдың атамасы «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў» деп аталыўының өзи пикиримиздиң айқын дәлили есапланады. Ҳәзирги ўақытта жасларды мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кең тартыў, мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты кең ен жайдырыў, ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша кең түрде жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Мәмлекетимизде халықтың 30% ин 14-30 жасқа шекемги жигит ҳәм қызлар қурайды. Олардың тәлим алыўы, кәсип-өнер үйрениўи ушын кең имканиятлар жаратылған. Жаслар қаншелли руўхый бәркамал болса, түрли жат иллетлерге қарсы иммунитети де күшли болады.

 

25-февраль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында институт Ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси баслығы Ф.Отенова басшылығында Тәбийғый пәнлер факультети ҳаял-қызлар мәсләҳәт кеңеси баслығы З.Бектурганова, студент жаслар менен биргеликте ҳәм ғалаба қураллары ўәкиллери қатнасыўында «5 баслама 5 имканият – жаслар ушын және де кең имканиятлар» атамасында кеше өткерилди.

 

Кешеде студент жаслар тәрепинен музыка, сүўретшилик, әдебият, китапқумарлық, мәлимлеме технологиялары ҳәм спорттағы жетискенликлер, зийрек, мәмлекетлик стипендия ийелериниң илимий жумыслары көргизбелери, спорт тараўындағы жетискенликлери таныстырылды.