ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Сыртқы бөлим студент қызлары арасында «Қызлар гүлдәстеси» таңлаўы болып өтти

Аралықтан оқытыў кафедрасында 4-март күни сыртқы бөлим студент қызлары арасында «Қызлар гүлдәстеси» таңлаўы болып өтти.

 

Таңлаў сәлемнама, сахналық көринис, пазенделик өнери, еркин тема сыяқлы 4 шәрттен ибарат болды.

 

Жарыс жуўмағында ҳәр қыйлы номинациялар белгиленди.                                                           

 

«Таңлаў жеңимпазы» номинациясы бойынша сыртқы бөлимниң мектепке шекемги тәлим бағдарының 3-курс студенти Турманова Гүлназ жеңимпаз болды.

 

«Ең белсенди қыз» номинациясы менен сыртқы бөлим баслаўыш тәлим бағдарының 1-курс рус топары студенти Бабаниязова Зулхумар сыйлықланды.

 

«Ең көркем кыз» номинациясы сыртқы бөлим мектепке шекем тәлим бағдарының 1-қарақалпақ топары студенти Таймағамбетова Айнураға несип етти.

 

«Ең пазенде қыз» номинациясы менен сыртқы бөлим мектепке шекем тәлим бағдарының 1-қарақалпақ топары студенти Серемуратова Зыяда сыйлықланды.

 

Таңлаўға қатнасқан барлық белсенди студентлер ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.