ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қарақалпақстанға мийнети сиңген тренер, спорт ветераны Азат Казаковтың туўылғанына 60 жыл толды

12-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстанға мийнети сиңген тренер, Өзбекстан дене тәрбия ҳәм спорт ағласы, Өзбекстан спорт ветераны, волейбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы тренери, НМПИ дене мәденияты кафедрасының баслығы Азат Казаковтың туўылғанына 60 жыл толыўына арналған конференция болып өтти.

 

Илажды институт ректоры Байрамбай Отемуратов басқарып барды.

Азат Казаков 1961-жылы Төрткүл районында дүньяға келген. Мектепте оқып жүрген ўақытларынан баслап спорттың футбол, волейбол, баскетбол, жеңил атлетика түрлеринен районлық ҳәм республикалық көлемде өткерилген жарысларда сыйлы орынларды ийелеп, сол ўақытлардағы спорт шеберлериниң көзине түсе баслаған.

 

1979-жылы ол сол ўақытлардағы Нөкис мәмлекетлик университетиниң дене мәденияты факультетине оқыўға қабылланып, Ю.Кулаков ҳәм А.Казаковлардың басшылығында волейбол командасы қурамында Өзбекстан чемпионаты жарысларына қатнаса баслаған. Студент жаслар арасында өткерилген жарысларда бир неше мәрте чемпионлықты қолға киргизген. Азат Казаков тек ғана волейбол менен шуғылланып қалмастан, жеңил атлетика бойынша өз шеберлигин көрсетип, Өзбекстан чемпионатында рекорд нәтийжелерди көрсеткен. Украинаның Киев қаласында өткерилген Х Пүткил аўқам спартакиадасында Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан.

А.Казаков 1989-1990-жыллары Нөкис мәмлекетлик университетинде, 1990-2015-жыллар аралығында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты спорт ҳәм ҳәрекетли ойынлар кафедрасының аға оқытыўшысы, 2015-жылдан ҳәзирги ўақытқа шекем институттың дене тәрбиясы кафедрасының баслығы лаўазымында ислеп келмекте.

 

Ол волейбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы қызлар сайланды командасына 2002-жылдан берли тренерлик етип киятырған болса, усы күнге шекем тарийхый нәтийжелерди қолға киргизди. 2004-2010-жыллар аралығында оның шәкиртлери 7 мәрте Өзбекстан чемпионы ҳәм 4 мәрте спорт жәмийети кубогы жеңимпазы болды.

 

Әсиресе, А.Казаков басшылығындағы Қарақалпақстан қызлар волейбол сайланды командасы 2007-жылы Ташкент қаласында, 2020-жылы пайтахтымыз Нөкис қаласында өткерилген «Универсиада» жарысларында 1-орынды ийелеп, спортымыз тарийхында өшпес из қалдырды.

Республикамыз сайланды командасы 2008-жылдан берли Өзбекстан Жоқарғы лига командалары чемпионаты ҳәм кубок жарысларында қатнасып, усы ўақытқа шекем еки мәрте Өзбекстан чемпионы, еки мәрте Өзбекстан суперкубогы ийеси ҳәм абсолют чемпионы ҳәм 10 мәрте вице-чемпион болыўға еристи.

 

2008-жылы Қарақалпақстанда өткерилген «Бәркамал әўлад» спорт жарысларында республикамыз волейбол сайланды командасы 1-орынды ийелеп, Президент саўғасы «Дамас» автомобилиниң гилти А.Казаковқа тапсырылды.

 

Ол жас әўладларға тәлим-тәрбия бериў жолында илимий-педагогикалық жумысларын даўам еттирип, усы күнге шекем оқыўлық ҳәм 7 методикалық қолланбалар шығарып, халықаралық «Scopus» базасындағы илимий журналларда мақалалар, республикалық ҳәм халықаралық журналлар, конференцияларда көплеген мақалалары және тезислери жарық көрмекте.

 

Ол усы күнге шекем оннан аслам спорт устасы, жүзден аслам спорт усталығына талабан ҳәм көплеген биринши разрядлы спортшыларды таярлады.

А.Казаковтың усындай мийнетлери мүнәсип баҳаланып оған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, Қарақалпақстанға мийнети сиңген тренер, Өзбекстан дене тәрбия ҳәм спорт ағласы, спорт устасы, жоқары категориялы төреши, Өзбекстан спорт ветераны, Өзбекстан сайланды командасы тренери сыяқлы бир неше атақлар ҳәм дәрежелер тапсырылды.

 

Азат Казаков өмирлик жолдасы, милиция подполковниги Клара Алламбергенова менен 4 перзентти тәрбиялап, олардан 9 ақлық көрип, шаңарақлық бахытқа бөленип отыр. Перзентлери Надира Казакова, Айбек Казаков ҳәм Атабек Казаковлар да әке жолын даўам еттирип, спорт түрлери бойынша Азия ҳәм жәҳән бириншиликлеринде елимиз байрағын көклерде желбиретип келмекте.

 

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министри Ғ.Байниязов, профессор П.Шылманов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти Ю.Кулаков, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы директоры Б.Мәмбетов, спорт мектеплери директорлары, профессорлар, факультетлердиң деканлары, А.Казаковтың туўған-туўысқанлары ҳәм шәкиртлери сөзге шығып, оның Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан спорты тарийхындағы уллы хызметлери ҳаққында айтып өтти.

 

Илаж соңында Азат Казаков сөзге шығып, көрсетилип атырған итибар ушын миннетдаршылық билдирди.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.