ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Шайыр Гүлистан Дәўлетова менен ушырасыў болып өтти

Бүгин, 16-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 13.00.01 – Педагогика теориясы. Педагогикалық тәлийматлар тарийхы қәнигелиги таяныш докторанты Е.Оразымбетовтың шөлкемлестириўинде студент-жасларды дөретиўшилик жумысларына бағдарлаў, оларға халқымызға тән болған миллийлик, инсаныйлық, батырлық, мәртлик, жаўынгерлик қәсийетлерди сиңдириў ҳәм ўатансүйиўшилик идеяларды кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде 2021-жыл «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»на бағышланып «Халық педагогикасында талаба-жасларды Ўатансүйиўшиликке тәрбиялаў дәстүрлери» атамасында өткерилетуғын  Республикалық илимий-теориялық конференция алдынан Түркий тиллер факультети студентлериниң Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Г.Дәўлетова менен  ушырасыў кешеси болып өтти. 

 

Ушырасыў кешесинде шайыр Г.Дәўлетова студент-жаслардың Ўатан, туўылған жер, дослық, инсаныйлық ҳаққында сораўларына жуўап берди ҳәм өзиниң усы бағдардағы қосықларын оқып берди.