ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Наўрыз байрамы қарсаңында студентлерге неше күнлик дем алыс бериледи?

2021-жылдағы Наўрыз байрамында мийнет ҳәптесиниң даўамлылығына қарамастан жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасында жумыс ислеп атырған профессор-оқытыўшылар, басшы хызметкерлер ҳәм студентлер және оқыўшылар избе-из 3 күн дем алады.

 

Яғный:

 

20-март – шемби (ҳәмме ушын дем алыс күни);

21-март – екшемби (Наўрыз байрамы);

22-март – дүйшемби (ҳәмме ушын дем алыс күни – ҳәптесине 5 күн жумыс ислейтуғынлар ушын 27-март (шемби) күнги дем алыс күни көширилген).

 

27-март – шемби күни барлық хызметкерлер ушын жумыс ҳәм студентлер және оқыўшылар ушын оқыў күни болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.