Нөкис қаласында Наўрыз байрамына арналған халық сейиллери қашан ҳәм қай жерлерде өткериледи?

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигинен Қарақалпақстан хабар агентлигине мәлим етилиўинше, пайтахтымыз Нөкис қаласында Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен халық сейиллери усы жылдың 20-март күни еки жерде – И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында ҳәм Жаслар орайы имараты алдында болып өтеди.

Байрам сейиллери республикалық арнаўлы комиссияның Наўрыз байрамын өткериў бойынша жәриялаған қарары талаплары тийкарында коронавирус пандемиясын есапқа алған ҳалда санитариялық-эпидемиологиялық тәртип-қағыйдаларға қатаң әмел еткен ҳалда өткериледи.

 

Бизге мәлим болыўынша, байрам сейилиниң концерт бағдарламаларына фольклор топарлары, көркем ҳәўескерлик жәмәәтлери, шаңарақлық ансамбльлер, цирк артистлери, бақсылар, профессионал атқарыўшылар ҳәм талантлы эстрада қосықшылары қамтып алынған. Пандемия шараятынан келип шығып балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң оқыўшылары концерт бағдарламасында қатнаспайды.

 

Байрам концерти еки саат даўам етиўи жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.