ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

НМПИ академиялық лицейи оқыўшыларына «Институт стипендиясы» берилди

Бүгин, 19-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты академиялық лицейинде оқытыўшылар ҳәм оқыўшы жаслар менен ушырасыў болып өтти.

 

Ушырасыўға институт ректоры Б.Отемуратов, оқыў ислери бойынша проректор М.Жумамуратов, лицей директоры Қ.Қалхоразов ҳәм директор орынбасары Г.Машарипова, сондай-ақ, лицей оқытыўшылары және оқыўшылар қатнасты.

Илажда институт ректоры Б.Отемуратов Президентимиздиң «Инталы жасларды таңлап алыў системасы ҳәм академиялық лицейлердиң жумысларын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында академиялық лицейде пәнлерден ең жоқары өзлестириў көрсеткишлерине ерискен оқыўшыларға 2021-жыл январь айынан баслап ҳәр үш айдан өзлестириў көрсеткишлерин итибарға алған ҳалда базалық есаплаў муғдарының 2 (еки) есеси муғдарында «Институт стипендиясы»н төлеў енгизилгени ҳаққында айтып өтти ҳәм усындай оқыўшыларға стипендияларды тапсырды.

Соның менен бирге, академиялық лицейде оқыўшы жасларға тәлим-тәрбия бериўде белсендилиги, бир неше жыллар даўамында республикалық пәнлер олимпиадасында жеңимпаз оқыўшыларды таярлап, оқыў процесин мазмунлы ҳәм нәтийжели шөлкемлестирип киятырған оқытыўшыларға 2021-жыл март айынан баслап 2021-жыл 30-июнь күнине шекем айлық мийнет ҳақысына қосымша үстеме ҳақы төленетуғынлығын мәлим етти.

Өз гезегинде, лицей оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары бундай итибар ҳәм ғамқорлықлар ушын Президентимизге, институт басшыларына өз миннетдаршылығын билдирип, буннан да жақсы нәтийжелерге ерисиўи ушын ҳәрекет ететуғынлығын атап өтти.