ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Республикалық илимий-теориялық ҳәм әмелий конференция болып өтти

Бүгин, 23-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик институтында «Педагогикалық жоқары оқыў орынларында «Компьютер графикасы» ҳәм «Веб-дизайн» пәнлерин оқытыўда үзликсизликти тәмийинлеў» атамасындағы республикалық илимий-теориялық ҳәм әмелий конференция өз жумысын баслады.

 

Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисин илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректор П.Калханов ашып берди.

Илажда соңғы ўақытларда елимиздеги жоқары билимлендириў системасында электрон билимлендириўди жолға қойыў, бул бағдардағы орын алып атырған машқалалар, перспективалар ҳәм ўазыйпалар, аралықтан оқытыў, онлайн билимлендириўди енгизиўде Moodle, iSpring, Adobe Captivate, Hemis, LMS ҳәм басқа да платформалардың әҳмийети, олардан нәтийжели пайдаланыў жоллары, елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўы, халық өмириниң сапалық көрсеткишлери динамикасын компьютерли модельлестириў мәселелери додаланды.

 

Ашылыў пленарлық мәжилисинде Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети доценти И.Назаров, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты доценти Ф.Шамсиддинов, институт доцентлери А.Абдуллаев, М.Аламинов, студент жаслар өз баянатлары менен шығып сөйледи.

 

Конференция өз жумысларын секцияларда даўам еттирди.

 

Конференция 24-мартқа шекем даўам етеди.

 

НМПИ баспасөз хызмети.