ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық

Бүгин, 25-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» сүрени тийкарында тараў ўәкиллери қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди.

 

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Семинарға Әл Беруний атындағы Нөкис орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы А.Якубов ҳәм Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлими бас қәнигеси И.Әметовлар қатнасып, ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде жаслардың санасын ийелеў ушын болып атырған гүреслер, әсиресе, буның ушын динди нықап етип, терроризм ҳәм экстремизмге бағдарлаў, миссионерлик ҳәрекетлери ҳаққында студент-жасларға толық мағлыўматлар берди.

 

Әсиресе, соңғы ўақытларда интернет глобаллық тармағы, соның ишинде социаллық тармақлар арқалы өзлериниң унамсыз ҳәрекетлерин алып барып атырған қара нийетли топарлардың күшейип атырғанлығы, булардан аўлақ ҳәм бәрқулла сергек болыў ушын қандай мәселелерге әҳмийет қаратыў кереклиги ҳаққында жасларға билим ҳәм көнликпелер берди.

— Не ушын ҳәзирги дәўирде көпшилик жаслар усындай иллетлер, ҳәрекетлердиң қатнасыўшысы болып қалмақта? Булардың барлығы илимсизликтен келип шықпақта. Буның алдын алыў мақсетинде бәрқулла илим жолында мийнет етип, изленип, пайдалы дәреклерден мағлыўматлар алып, сораўларымызға сол дәреклер арқалы жуўап излесек, әлбетте, туўры жолдан алжаспаймыз, — деди Әл Беруний атындағы Нөкис орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы А.Якубов.

Семинарда жаслар усы тема дөгерегинде қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды.

 

НМПИ баспасөз хызмети.