ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Ректор кубогы» ушын қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери пәнлеринен «Дөретиўши оқыўшылар олимпиадасы» болып өтти

26-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Ректор кубогы» ушын қарақалпақ ҳәм өзбек тиллери пәнлеринен «Дөретиўши оқыўшылар олимпиадасы» болып өтти.

 

Олимпиадаға Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў системасы улыўма билим бериў мектеплериниң 9-11-класс оқыўшылары қатнасты.

 

Халық билимлендириў министрлиги, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Республикалық билимлендириў орайы, ҚР Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин жетилистириў аймақлық орайы менен биргеликте шөлкемлестирилген олимпиадада жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери анықланып, оларға диплом, медальлар және қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Соның менен бирге, оқыўшы жаслардың устазларына да ҳүрмет жарлықлары берилди.

 

НМПИ баспасөз хызмети.