МӘЛИМЛЕМЕ ХАТЫ
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ
ӘЖИНИЯЗ АТЫНДАҒЫ НӨКИС МӘМЛЕКЕТЛИК
ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ИНСТИТУТЫ
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 2-марттағы 78-F-санлы Пәрманы тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында
2021-жыл 14-15-апрель күнлери саат 11:00 де «Тәлим-тәрбияныӊ сапасын асырыўда илимий-инновациялық технологияларды әмелиятқа енгизиў мәселелери» темасындағы онлайн халықаралық көлемде илимий-теориялық конференция өткериледи. Халықаралық илимий-теориялық конференция «ZOOM» платформасы арқалы әмелге асырылады ҳәм төмендеги секциялар бойынша жумыс алып барылады.
1-секция. Өзбекстанда жаӊа ояныў-Үшинши Ренессанс дәўиринде тәлим-тәрбияныӊ сапасын асырыўға инновациялық жандасыў.
2-секция. Баслаўыш тәлим мазмунын жаӊа басқышқа көтериўде педагогикалық ҳәм санлы технологиялардан пайдаланыў.
Конференция материалларын таярлаў ушын талаплар:
Тезис 3-5 бетке шекемги көлемде электрон варианты усыныс етиледи.
Текст өзбек, қарақалпақ, қазақ, рус ҳәм инглиз тиллеринде Microsoft Wordтан пайдаланған ҳалда Times New Roman шрифтында, 14 пт өлшем, 1,5 интервал аралығында, төменнен ҳәм жоқарыдан 2,0 см, шептен 3,0 см, оңнан 1,5 см қалдырылған ҳалда жазылады. Барлық сноскалар тик скобка ишинде ҳәм тезисте бети көрсетиледи: [1.15].
Баян етилген мағлыўматлардың илимий-теориялық тийкарланғанлығы ҳәм методологиялық тәрептен бойынша автор жуўапкер.
Тезис үстинде ортадан қалың үлкен ҳәриплер менен тезистиң аты, кейинги қатарда кишкене ҳәриплер менен ортадан автордың аты, фамилиясы, илимий дәрежеси ҳәм лаўазымы, кейинги қатарда жумыс орны, қаласы ҳәм электрон почтаси көрсетиледи.
Бир автор биргеликте авторлықты қосқанда 3 мақаладан артығында қатнаса алмайды. Талапқа жуўап бермейтуғын тезислер конференция бағдарламасына ҳәм топламға киргизилмейтуғынлығын ҳәм авторларға қайтарылмайтуғынлығын билдиремиз.
Конференция материаллары 2021-жыл 5-апрелге шекем қабылланады.
Адрес: 230105. Қарақалпақстан Республикасы. Нөкис қаласы, П.Сейтов көшеси, номерсиз жай
Баслаўыш тәлим факультети
Конференция материалларын қабыллаў ушын жуўапкерлер:
Курбаниязова Замира (+99897) 348-27-40, Нагметова Нурсулу (+99891) 301-46-62, Тажбенова Сауле (+99891) 378-55-66, Байназаров Тимур (+99897)353-31-71, Худайбергенова Замира (+99893) 713-74-85
E.mail: boshlangich20152015@mail.ru, xojanov1977@bk.ru телеграм: 97 353 31 71, 93 362 47 34, 93 713-74-85.
Үлги
|
КОНФЕРЕНЦИЯ ҚАТНАСЫЎШЫСЫ АНКЕТАСИ
Ф.И.Ш.: |
|
Секция: |
|
Тезистиң аты: |
|
Жумыс орны ҳәм мәнзили: |
|
Лаўазымы: |
|
Илимий дәреже: |
|
Жумыс орны телефоны ҳәм мобил телефоны: |
|
e-mail: |
|