ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген сәнеге арналды

Бүгин, 6-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 28 жыл толыўына арналған конференция болып өтти.

 

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик суды баслығы ў. а. А.Нурлепесов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң мәсләҳәтшиси, резервтеги полковник О.Турдақов, факультет деканалары, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Конференция мәмлекетлик гимнлер атқарылыўы менен басланды.

 

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Атап өтилгениндей, конституция – ҳәр бир мәмлекеттиң тарийхы, бүгинги күни ҳәм келешегин, халықтың ерк-ықрарын өзинде сәўлелендириўши тийкарғы нызам болып есапланады.

 

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

 

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.

 

Бас Нызамымызда барлық нормалар ең алды менен инсанның ҳуқық ҳәм мәплерин кепилликке ала отырып, инсан-жәмийет-мәмлекет принципи тийкарында ислеп шығылған.

 

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова Конституциямызға киргизилген соңғы өзгерис ҳәм қосымшалар, олардың әҳмийети ҳаққында толық мағлыўматлар берди.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы усы жылдың 12-февраль сәнесинде киргизилген өзгерис және қосымшалар менен, сондай-ақ, Бас Нызамымыздың қабыл етилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен «Qaraqalpaqstan» баспасы тәрепинен жаңадан басып шығарылды.

 

Конституцияға киргизилген баслы өзгерис ҳәм қосымшалар тийкарынан суд-ҳуқық тараўы, сондай-ақ, тилимиздеги жаңа атамалар менен байланыслы екенлиги атап өтилди.

Конференцияда институттың миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы доценти Т.Қудайбергенова ҳәм студент-жаслар Конституцияда инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң кепилликлери, олар тийкарында ислеп шығылып атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында баянатлар жасады.

Шығып сөйлеўшилер жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 28 жыл толыўы байрамы менен қутлықлап, мәмлекетимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, жаслардың ҳуқықый саўатлылығы және мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.

 

Илаж институттың талантлы студентлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.