Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы – ҳуқық ҳәм еркинликлер гиреўи

1993-жыл 9-декабрьде суверен ҳәм ғәрезсиз Қарақалпақстанның  тийкарғы ҳуқықый ҳүжжети – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилди.

Ғәрезсиз Қарақалпақстанның биринши Конституциясының қабыл етилиўи халқымыздың узақ әсирлик тарийхында из қалдырған ўақыялардың бири болып табылады. Қарақалпақстан Конституциясы – қарақалпақ  халқының, жас мәмлекетимиздиң, сондай-ақ, ғәрезсизлигимиздиң ҳуқықый тырнағы есапланады.

Сондай-ақ, усы сессияның өзинде ғәрезсиз Қарақалпақстан Республикасы Конститу­циясының қабылланған күни – 9-апрель улыўмахалықлық байрам сыпатында белгилениўи ҳаққында да қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан  Республикасы  Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим 26 бап ҳәм 121 статьядан ибарат. Конституция тийкарынан төрт принциптен турады. 

Онда мәмлекет ғәрезсизлиги, инсанның жоқары дәрежедеги қәдирият екенлиги, Конституция ҳәм нызамлардың үстинлиги, халық ҳәкимияты, сиясий пикирлердиң ҳәр қыйлылығы, ҳәкимиятлардың бөлиниў принципи сәўлеленген. Пүткил жәмийет ағзалары оны ең жоқары юридикалық күшке ийе нызам деп билип, оған әмел етип жасайды. Улыўма Конституциямыз жәмийет ҳәм мәмлекет ҳаққындағы жаңа норматив билимлерди береди.

1993-жылғы Конституция мәмлекетти емес, ал инсанды биринши  орынға қояды. Конституциямыз  инсан – жәмийет – мәмлекет  бағдарында дүзилген болып, елимизде инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери ең жоқары қәдирият есапланады. Конституциямыздың  III бөлими «Инсан ҳәм жәмийет» деп аталып, бул бөлимде пуқаралық жәмийетти қәлиплестириў ҳуқықый тәрептен кепилленген. Конституциямыздың бул бөлими ҳеш бир дүнья Конституциясында ушырамайды.

Конституция республиканың сиясый, социаллық, экономикалық ҳәм мәдений тараўларын, сондай-ақ, басқарыўдың демократиялық принциплерин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери кепилленгенин, мәмлекетти раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларын беккемлейди.

Демократиялық пуқаралық жәмийетти қурыўды мақсет етип қойған ҳәр қандай мәмлекеттиң демократияласыўына тән өзгешеликлерди көрсететуғын шәртлерден бири – инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң нызамларда толық белгилениўи ҳәм олардың тәмийинлениўи ушын шараятлардың жаратылыўы менен белгиленеди.

Конституциямыздың VII бабы 22-29-статьяларында жеке ҳуқық ҳәм еркинликлер беккемлеп берилген. Инсанның жеке ҳуқық ҳәм еркинликлерине төмендегилер киреди:

  • жасаў ҳуқықы;
  • еркинлик ҳәм адамның жеке басына қол қатылмаслық ҳуқықы;
  • ар-намыс ҳәм жеке өмирге қастыянлықтан қорғаныў ҳуқықы;
  • бир жерден екинши жерге көшиў ҳәм жасаў орнын еркин таңлаў ҳуқықы;
  • турақ жайға қол қатылмаслық ҳуқықы;
  • ҳүждан еркинлиги ҳуқықы;
  • пикир, сөз ҳәм исеним еркинлиги ҳуқықы.

Инсан ҳуқықлары ишинде ең уллысы ҳәм муқаддеси оның жасаў ҳуқықы есапланады.

Сиясий ҳуқықлар инсанның тийкарғы ҳуқықларының бири есапланады. Конституциямыздың VIII бабы 30-33-статьяларында сиясий ҳуқықлар беккемлеп берилген. Инсанның сиясий ҳуқықларына төмендегилер киреди:

  • жәмийет ҳәм мәмлекет ислерин басқарыўда тиккелей яки өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықы (30-статья);
  • митинглер, тыныш жыйналыслар ҳәм демонстрациялар көринисинде белсендилик көрсетиў ҳуқықы (31-статья);
  • кәсиплик аўқамлар, сиясий партиялар ҳәм басқа жәмийетлик бирлеспелерге жәмлесиў ҳуқықы (32-статья);
  • ўәкилликли органлар ҳәм уйымларға арзалар, өтинишлер, шағымлар менен мүрәжат етиў ҳуқықы (33-статья);

Сондай-ақ, сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықы да сиясий ҳуқықларға киреди. Пуқаралар мәмлекет ислерине өзлери тиккелей қатнасады. Буны сайлаўлар ҳәм референдумларға қатнасыў арқалы әмелге асырады. Соның менен бирге, өз ўәкиллери арқалы да қатнасады. Буған Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Олий Мажлис депутатларын сайлаўды  мысал етсек болады.  Инсан өз пикир ҳәм көзқарасларын жыйналыслар, митинглер ҳәм демонстрациялар арқалы билдиреди. Бундай ҳәрекетлер еркин болып, тек ғана мәмлекетке қәўип туўғызған жағдайда ғана тоқтатылып яки қадаған етилип қойылыўы мүмкин.

Экономикалық ҳәм социаллық ҳуқықлар – бул ҳуқықлар пуқаралардың нормал турмыс кешириўин тәмийинлейтуғын, жасаў ушын белгили дәрежеде  өзиниң материаллық ҳәм руўхый талабын қанаатландыратуғын ҳуқықлар есапланады. Пуқаралардың экономикалық ҳәм жәмийетлик тараўдағы ҳуқықлары Конституциямыздың IХ бап, 34-40-статьяларында белгиленген. Олар төмендегилер:

  • шахслардың мүлк ийеси болыў ҳуқықы;
  • мийнет етиў, еркин кәсип таңлаў ҳуқықы;
  • әдалатлы мийнет шараятында ислеў, жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықы;
  • дем алыў ҳуқықы;
  • қартайғанда, мийнетке уқыбын жоғалтқанда экономикалық тәмийинлениў ҳуқықы;
  • қәнигелик медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықы;
  • билим алыў ҳуқықы;
  • илимий ҳәм техникалық дөретиўшилик еркинлиги, мәденият табысларынан пайдаланыў ҳуқықларынан ибарат.

Ҳуқықый демократиялық мәмлекетти қурыўдағы тийкарғы мақсет – усы мәмлекетте жасайтуғын ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық тәмийинлеўден ибарат.

Тарийхый тәжирийбе көрсеткениндей, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлериниң Конституция ҳәм нызамларда беккемлениўи айрықша әҳмийетке ийе, бирақ оларды әмелге асырыўдың кепиллик берилген, ғамхорлыққа алынған имканиятлары болмаса олар қуры гәплигинше қалып қояды. Буған айқын мысал, тоталитар система ҳүким сүрген бурынғы аўқам нызамларында пуқаралардың көплеген ҳуқық, еркинликлери жүдә сулыў етип жазып қойылған еди, бирақ олар турмыста әмелге аспай қалды. Себеби, коммунистлик идеология көп тәрепинен класслар, мәмлекет ҳаққында қайғырып “инсан” ды естен шығарған еди.

Өзиниң ғәрезсизлик ҳәм еркин раўажланыў жолын таңлап алған мәмлекетимизде  қысқа дәўир ишинде инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық әмелге асырыў  жолында дыққатқа ылайықлы жумыслар исленди. Инсан мәплерин тәмийинлеў мәмлекетимиздиң ең тийкарғы ўазыйпаларынан бирине айланды.  Инсан ҳуқықларын қорғаў Конституцияның баслы идеясы ҳәм мақсети есапланады.

Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери  кепилликлериниң мазмун-мәнисин толық түсиниў ушын ең дәслеп кепиллик түсинигине тоқталыў зәрүр. Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлигинде  баян  етилиўинше: “Кепиллик” сөзи  бул – ўазыйпаны, жуўапкершиликти өз мойнына алған ҳалда исендириў, кепиллик, тәмийинлеў мәнисин билдиреди.

Кепиллик – бул пуқараларға нызамда белгилеп қойылған ҳуқық ҳәм еркинликлердиң әмелге асырылыўын тәмийинлеўге жәрдем беретуғын қураллар, усыллар ҳәм шараятлар болып табылады.

Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлериниң ҳуқықый кепилликлери дегенде шахслардың Конституцияда белгилеп қойылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелде ҳақыйқый  орынлаў ушын зәрүр шараят ҳәм барлық имканиятларды жаратыў түсиниледи.

Кепиллик, кепиллик бериў бул – Конституция, низамларда көрсетилген имканиятларды турмыста әмелге асырыў, ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болыў демекдур. Пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерине кепиллик бериў Конституцияда көрсетилген ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийелик етиў менен  ғана шекленбестен,  оларды ҳәр қандай нызамсыз бузылыўдан қорғаў деген сөз.

Республикамыз алға илгерилеп, раўажланып баратырған мәмлекет.  Оның раўажланыўы пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери көлеминиң кеңейиўи,  оларды әмелге асырыў ҳәм нәтийжели қорғаў кепилликлериниң беккемлениўи менен байланыслы жағдайда өтеди. Пуқаралардың ҳуқықларын тәмийинлеўде Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының  “Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң кепилликлери” деп аталған Х бабы, 41-44-статьялары айрықша әҳмийетке ийе.

Қарақалпақстан  Республикасы Конституциясының 41-статьясында “Мәмлекет пуқаралардың Конституция ҳәм нызамлар менен бекитилген ҳуқықлары және еркинликлерин тәмийинлейди” делинеди. Бул Конституциялық қағыйданың әҳмийети соннан ибарат, ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурып атырған Қарақалпақстан ели өзиниң нызам шығарыўшы органы есапланған Республика Жоқарғы Кеңеси арқалы инсан ҳәм пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң ҳуқықый  кепили есапланған улыўма белгиленген халықаралық ҳуқық нормалары талапларына сәйкес норматив ҳүжжетлер қабыл етеди.

Конституцияның  42-статьясында “Ҳәр бир адамға  өзиниң ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың, лаўазымлы адамлардың, жәмийетлик бирлеспелердиң нызамсыз ҳәрекетлери жөнинде судқа шағым етиў ҳуқықы кепиллестириледи” делинген. Бул қағыйда бойынша пуқаралар Конституцияда белгиленген  өзлериниң ҳуқық ҳәм еркинликлери бузылған деп есапласа,  өз ҳуқықларын суд арқалы қорғаўы мүмкин. Бул пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тиклейтуғын ең нәтийжели қурал есапланады. Судқа шағым етиў ҳуқықы шахстың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң кепиллиги есапланып, суд органлары ғана Конституцияға тийкарланып басқа мәмлекет ҳәкимияты органларынан, жәмийетлик бирлеспелерден бөлек ҳалда еркин ҳәрекет ететуғын ҳәм тек нызамға бойсыныўшы орган есапланады.

Конституциялық кепилликтиң және бир қағыйдасы Конституциямыздың 43-статьясында белгиленген болып, “Өспиримлердиң, мийнетке жарамсыз ҳәм жеке баслы қартайған адамлардың ҳуқықлары мәмлекет тәрепинен қорғалады” делинеди.

Өзбекстан Республикасы тек ҳуқықый  мәмлекет ғана емес, бәлким инсаный демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўды мақсет етип қойған. Бул болса жәмийеттеги айырым тайпадағы, ғамхорлыққа мүтәж адамлар мәмлекет ғамхорлығында болыўын тәмийинлейди.

Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексинде жаслардың ҳуқықларының жынайый ҳуқықый кепилликлери белгиленген. ЖКның алтыншы бөлими “Жас өспиримлер жуўапкершилигиниң өзгешеликлери” деп аталады. Онда жазылыўынша ҳәр қыйлы себеплер менен жас өспиримлер ҳуқық бузыўшылыққа жол қойған жағдайда оларға мәжбүрий тәрбиялық тәсир илажларын қолланыў, яғный жәрийма салыў, жәмийетлик пайдалы мийнетке тартыў, тәрбиясын дүзетиў жумысларына жибериў, пуқаралықтан айырыў, арнаўлы оқыў-тәрбия орынларына жайластырыў, қамаққа алыў тек судтың ҳүкими яки қарарына тийкарланып әмелге асырылады.

Мийнетке жарамсыз, майыплар ҳәм жалғыз баслы қартайған адамлардың ҳуқықлары да мәмлекет тәрепинен қорғалады.

Елимизде социаллық қорғаўдың анық илажлары ислеп шығылып, әмелге асырылмақта.

Конституцияның 44-статьясына тийкар ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар тең ҳуқықларға ийе делинген. Ҳаяллар менен ер адамлардың тең ҳуқықлығын тәмийинлеў ушын мәмлекет қосымша кең көлемде илажларды әмелге асырмақта. Соны да айтып өтиў керек, бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы улыўма халқының тең ярымын ҳаял-қызлар қурайды.

Жуўмақлап айтқанда, усы күнге шекем Қарақалпақстанда қандай  жетискенлик  болған болса, инсан  мәплери,  ҳуқық  ҳәм  еркинликлерин   жоқары  қәдирият  сыпатында  енгизиў,  жәмийеттың   барлық  тараўларында  табысларға ерисиў бағдарларында өткен 28 жыл даўамында қандай  табысларды қолға  киргизген болсақ, олардың барлығы Конституциямызда белгилеп  қойылған  қағыйда ҳәм принциплер менен тығыз байланыслы.

 

Т.Кудайбергенова, 

Әжинияз атындағы НМПИ доценти.