ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Заманагөй футбол майданшалары пайдаланыўға тапсырылды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында мини футбол менен шуғылланыў ушын әтирапы қоршалған еки заманагөй майданшаның қурылыс жумыслары басланғаны ҳаққында хабар берген едик.

 

Институттың физика-математика және сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы факультетлери жайласқан имарат алдындағы, сондай-ақ, институт бас имараты ҳәм түркий тиллер факультети имараты артындағы спорт майданшалары кебир шығып, жыл даўамында пайдаланыў имканияты шекленген, сол себепли студентлердиң гүзги-бәҳәрги мәўсимде спорт пенен шуғылланыўы ушын мүмкиншилик жоқ еди. Усыларды есапқа алып еки орында ҳәр бирине институттың бюджеттен тыс қаржылары есабынан 230 миллион сумнан аслам қаржы ажыратылған ҳалда мини футбол ушын әтирапы қоршалған футбол майданшасы қурып питкерилди.

Футбол майданшаларын пайдаланыўға тапсырыў илажында институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм жаслар мәселелери бойынша проректор Қ.Қадировлар сөзге шығып, институт студентлери ҳәм профессор-оқытыўшылары, басқа да хызметкерлери, соның менен бирге, институт әтирапында жайласқан мәкан пуқаралар жыйынлары турғынларының бос ўақытларын спорт және саламатластырыў илажларына бағдарлаўға хызмет етиўин атап өтти.

 

Буннан соң спорт жарысына старт берилди.

Еслетип өтемиз, майданшалардың қурылыс жумыслары «Sapsan Avto Trans» ЖШЖның тәжирийбели қурылысшылары тәрепинен әмелге асырылды.

 

НМПИ баспасөз хызмети.