Академик пенен ушырасыў

Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетинде «Сүўретлеў өнери ҳәм әмелий көркем өнери фестивалы»н жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

 

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги, Өзбекстан көркем өнер академиясының академиги, профессор, көркем өнер илимлери докторы, Токио қаласындағы Сока Университетиниң ҳүрметли докторы Ҳакимов Акбар Абдуллаевич, институт илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов, факультет деканы Ж.Дарменов, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы баслығы Ғ.Мамбеткадиров профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар қатнасты.

 

Ушырасыўда А.Ҳакимов бүгинги күнде сүўретлеў өнери ҳәм әмелий көркем өнер тараўын және де раўажландырыў барысында әмелге асырылып атырған илажлар, сондай-ақ, көркем өнер тараўына ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаратылған имканиятлар, оның жаслар тәлим тәрбиясындағы орны ҳаққында атап өтти.

 

Сондай-ақ, академик Акбар Ҳакимов тәрепинен «Тарихий онг ва санъат – ёшларда фуқаролик позицияни шакллантириш» атамасында шеберлик сабағы болып өтти.

 

Ушырасыў даўамында сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасының әмелий оқыў сабағының өтилиў барысы, оқыў-лабараториялық ханасы ҳәм тәлим бағдары студент жаслары тәрепинен көргизбеге қойылған дөретиўшилик жумыслары менен жақыннан танысты.