ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Ижарада жасайтуғын студентлердиң ижара пулы муғдарының 50 процентин төлеў тәртиби жәрияланды

Усы жылдың 1-май сәнесинен баслап жатақхана менен қамтып алынбаған ҳәм өзине, соның менен бирге, ата-анасына (нызамлы ўәкиллерине) тийисли болмаған үйде ижара ҳуқықы тийкарында (шәртнама менен) жасайтуғын мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары студентлериниң 60 процентине олар тәрепинен төленетуғын айлық ижара төлеминиң 50 проценти мәмлекетлик бюджет есабынан төлеп бериледи.

 

Мәлим болыўынша, ижара төлеминиң төлеп берилетуғын бөлеги:

— Ташкент қаласында – базалық есаплаў муғдарының 1 (бир) есеси – 245 000 сум;

— Басқа аймақларда – базалық есаплаў муғдарының 0,5 (ярым) есеси – 122 500 сумнан көп болмаўы керек.

 

Ижара төлеминиң төлеп берилетуғын бөлеги биринши гезекте жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлерине, қатарласларына үлги болған ҳәм белсенди студентлер ушын төлеп бериледи.

 

Еслетип өтемиз, Президент жаслар машқалаларына бағышланған видеоселектор жыйналысында Өзбекстанда 130 мыңнан аслам студентлер ижарада жасайтуғыны, 1-майдан баслап ижара төлеминиң ярымы мәмлекет тәрепинен төлеп берилиўин мәлим етип, буның ушын мәмлекетлик бюджеттен 100 миллиард сум қаржы ажыратыў тапсырмасын берген еди.

 

Ислам Матеков.