ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Шайыр Назира Матякубованың жаңа китабының презентациясы болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, белгили шайыр Назира Матякубованың «Ёнимдаги яхшилар» (Жанымдағы жақсылар) китабының презентациясы болып өтти.

 

Илажға Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Кеңесбай Реймов, китап авторы Назира Матякубова, әдебиятқа жаны қумар профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар қатнасты.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

 

Шайыр Назира Матякубова 1968-жылы Төрткүл районында дүньяға келген. Ол кишкенелигинен баслап әдебиятқа, поэзияға болған қызығыўшылығы себепли қосықлар жазып, дәслебинде районлық, кейин ала республикалық басылымларда қосықларын турақлы түрде жәриялап барды. Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети)ниң журналистика факультетинде оқып жүрген ўақытларында да дөретиўшиликтен қол үзбей қосықлар, поэмалар жазып жүрди.

— Ең дәслепки жазған қосығым «Алла» (Ҳәййиў) деп аталады. Оны кишкене балалық ўақтымда жазған едим. Кейин ала университетти питкергеннен соң қосықларымды 1993-жылы бир топар хорезмли дөретиўши устазлар қоллап-қуўатлаўы менен «Кўзлари шаҳлогинам» атамасында басып шығардық. Мектепте оқып жүрген ўақтымызда сол ўақыттағы дийқан хожалығы баслығы, дөретиўшиликке үлкен итибар қарататуғын әжайып инсан Самандар Искандаровтың итибары ҳәм қоллап-қуўатлаўы қосық жазыўды даўам еттириўиме себепши болды, — дейди шайыр студентлер менен сәўбетте. – Устазым, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бас редакторы, сенатор Гүлистан Аннақлычева, сондай-ақ, қосықларымды қарақалпақ тилине аўдарып атырған устазымыз Кеңесбай Реймовлардан миннетдарман. Усындай жақсы адамлар мениң жанымда болғаны ушын халық итибарына түстим.

 

Шайырдың «Ёнимдаги яхшилар» китабында жаслық, Ўатанға, ата-анаға муҳаббат, дослық, өмир ҳаққында жазылған қосықлары орын алған. Бул топлам Кеңесбай Реймов аўдармасында «Жанымдағы жақсылар» атамасында қарақалпақ тилинде де жарық көрди.

 

Илажда шайыр профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң сораўларына жуўаплар берип, қосықларынан оқып берди.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.