ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Халық педагогикасында талаба-жасларды Ўатансүйиўшиликке тәрбиялаў дәстүрлери» атамасында Республикалық илимий-теориялық конференция өткерилди

Қарақалпақ халық педагогикасындағы мәртлик, батырлық  дәстүрлериниң тарийхын үйрене отырып, халқымыздың ерлик, қаҳарманлық дәстүрлериниң негизги элементлерин, соның ишинде ўатансүйиўшилик тәрбияның тийкарғы бағдарларының бири мийнетсүйиўшилик, инсаныйлық, әдеп-икрамлылық сыяқлы тәрбияның мазмунын ҳәр тәреплеме қамтып, оқыў-тәрбия жумысларында ўатансүйиўшилик тәрбияны енгизиў дәўир талабы есапланады.

Халық педагогикасын терең үйрениў, ондағы халқымызға тән болған миллийлик, инсаныйлық, батырлық, мәртлик, жаўынгерлик қәсийетлерди жас әўладқа сиңдириў, жаслардың илим-билимге деген қызығыўшылығын арттырыў, оларды халқымыздың тарийхы, дәстүрлери менен таныстырыў, сондай-ақ, халық педагогикасындағы ўатансүйиўшилик идеяларды жасларға кең үгит-нәсиятлаў ҳәм 13.00.01 – Педагогика теориясы. Педагогикалық тәлийматлар тарийхы қәнигелиги бойынша таяныш докторант Е.Оразымбетовтың «Қарақалпақ халық педагогикасында жасларды ўатансүйиўшиликке тәрбиялаў дәстүрлери»  атамасындағы докторлық (PhD) диссертация жумысын әмелиятқа кең түрде енгизиў мақсетинде усы жылдың 21-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Педагогика кафедрасы тәрепинен 2021-жыл «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»на бағышланып «Халық педагогикасында талаба-жасларды Ўатансүйиўшиликке тәрбиялаў дәстүрлери» атамасында Республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Конференция алдынан жаслардың руўхый кейпиятын көтериў мақсетинде бақсы ҳәм жыраўлар тәрепинен ўатансүйиўшиликкеке бағдарланған халық қосықлары  атқарылды.

Конференцияда жаслар менен  ислесиў бойынша проректор Қ.Қодиров «Ёшларда ватанпарварлик туйғусини шакллантириш – ғоявий тарбиянинг асосий омилиидир», профессор У.Алеуов «Жасларды ўатансүйиўшиликке тәрбиялаўдың базы бир мәселелери», профессор Қ.М. Қощанов «Ўатансүйиўшиликке тәрбиялаў негизи —  тилден басланады», таяныш докторант Е.К.Оразымбетов «Халық педагогикасы – жасларды ўатансүйиўшиликке тәрбиялаўшы тийкарғы дерек» ҳәм педагогика ҳәм психология қәнигелиги 1-курс магистранти Н.Примбетова  «Девиант минез–қулқлы  жаслардың  ўатансуйиўшилик  тәлими» атамасында баянат иследи

Конференция соңында қатнасыўшылары шығып сөйлеп, өз пикир усынысларын билдирди.

Конференция секциялар бойынша даўам еттирди.

22-апрель күни Педагогика факультетинде конференцияның жабылыў мәжилиси болып өтти.

Онда п.и.к., доцент М.Пазылова «Ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириўде халық педагогикасының орны», пс.и.к., доцент З.Шеримбетова «Жасларды ўатансуйиўшиликке тәрбиялаўда миллий қәдириятларымыздан пайдаланыў», Педагогика  ҳәм психология   тәлим бағдары 3-басқыш талабасы Б.Ержанова «Жаслар қәлбинде ўатансүйиўшилик туйғысын қәлиплестириўде алып барылып атырған реформалар» атамасында баянат иследи.

Конференцияда Педагогика факультети деканы Ш.Сапаров, Педагогика кафедрасы асистент-оқытыўшысы Э.Кеңесбаева, мектеп менеждменти тәлим бағдары талабалары Н.Шукируллаева, А.Сейтниязова, Педагогика  ҳәм психология   тәлим бағдары талабасы И.Темирбаевлар сөзге шығып, өзлериниң  пикирлерин билдирди.

Буннан соң қатнасыўшылар тәрепинен қарар қабыл етилди ҳәм конференция өз жумысын жуўмақлады.