ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мәкан пуқаралар жыйынларындағы жәмлеспеген жаслар ушын интеллектуал турнирге старт берилди

Бүгин, 25-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Нөкис қаласындағы барлық мәкан пуқаралар жыйынларындағы жәмлеспеген жаслар ушын интеллектуал турнирдиң дәслепки туры болып өтти.

Дәслепки тур алдынан институт ректоры Б.Отемуратов сөзге шығып, барлық жасларға әўмет тиледи.

 

Улыўма 3 турдан ибарат болатуғын турнирдиң дәслепки турына Нөкис қаласындағы 14 мәкан пуқаралар жыйынынан 28 команда қатнасып, өз билим ҳәм көнликпелерин, логикалық ойлаў дәрежесин сынақтан өткерди.

 

Қыйыншылық дәрежеси орташа болған 15 сораўдан ибарат биринши тур ойынында жоқары балл топлаған командаларға ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

 

Үш турдан ибарат турнир жуўмағында ең жоқары балл топлаған 6 команда ағзаларына институт тәрепинен дипломлар ҳәм тарийхый Хийўа қаласына бийпул саяхат етиў жолламасы бериледи.

 

Турнирдиң екинши туры келеси екшемби күни, 2-май сәнесинде институтта болып өтиўи жобаластырылған.

 

Усы орында атап өтиў орынлы, институтта пайтахтымыздағы мәкан пуқаралар жыйынларында жасайтуғын жәмлеспеген жаслар ушын мини футбол, волейбол, китапқумарлық бойынша жарыслар өткериў, қәбилетли жасларды хошаметлеў сыяқлы үлгили жумыслар әмелге асырылыўы белгиленген.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.

Автордың түсирген фотолары.